Бурын хабар етилгениндей, «UZDIGITAL TV» компаниясы сырт еллердиң телеканалларын ашық түрде эфирге узатпақта. Февраль айының басында бул телеканаллар үш түрли тариф тийкарында пуллы режимге өтеди.

Жақында пайтахтымызда «UZDIGITAL TV» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң үлкен көлемдеги саўда ҳәм абонентлерге хызмет көрсетиў офисиниң ашылыўы режелестирилген.

Офис қарыйдардың телевизоры DVB-T2  стандарттағы (ишки) тюнерге ийе ямаса ийе емеслигине қарап, 2 түрдеги қурылманы (tele-cardты ямаса тюнерди) усынады. Сырт еллердиң 4, 13, 31 телеканалы көрсететуғын үш түрли тариф тийкарында айлық төлемлер 4 ярым мың сум, 11 мың сум, 16 мың 500 сум етип белгиленген.

– Ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында төлемли санлы телевидениени жолға қойыў илажлары алып барылмақта. Эфирге сырт еллердиң телеканалларын узатыў усы илажлардың басламасы еди.  Мақсет – «UZDIGITAL TV» санлы телевидениесиниң жоқары анықлықта ҳәм сапалы көринисте ислеўин айқын көрсетип бериў, – дейди жәмийеттиң маркетинг бойынша менеджери Бабур Қабилжанов. –  Мобиль байланыс қуралларына арналған программамыздың жәрдеминде пайдаланыўшы үйинде отырып, телеканалларды көриў ушын айлық төлемлерди төлеўи мүмкин. Электрон көрсетиўлер бағдарламасы (EPG)ның ядқа салыў функциясынан пайдаланып, унатқан көрсетиўин өткерип жибермеў имканиятына ийе болады. Сондай-ақ, қурылмаларда ата-аналар қадағалаўы орнатылған болып, 16 жастан киши балалар көриўге болмайтуғын көрсетиўлерди ҳәм фильмлерди пароль қойыў арқалы  блоклап таслаў мүмкин. Оларды тек рәсмий офислерден ғана сатып алыўды усыныс етемиз.

Ескертип өтемиз, бул телеканаллар Нөкис қаласы ҳәм оннан 70 километр қашықлықтағы аймақларда ғана көрсетеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги