12-январь күни Өзбекистан көркем өнер Академиясы Қарақалпақстан Республикалық бөлими көргизбе сарайында Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлериниң дүзилгенине 26 жыл толыўы ҳәм  14-январь – «Ўатан қорғаўшылар күни» мүнәсибети менен «Мениң армиям-мениң мақтанышым» атамасындағы арнаўлы көргизбе шөлкемлестирилди.

Көргизбеге Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлигине қараслы балалар музыка ҳәм қөркем өнер мектеплериниң 30ға жақын  талантлы оқыўшыларының  50ге шамалас живописьлик, графикалық дөретиўшилик жумыслары қойылды.

 

– Көргизбени өткериўдеги тийкарғы мақсет-жас талантлылардың мийнети менен жақыннан танысыў, оларды қоллап-қуўатлап ҳәм баҳалап барыўдан ибарат, – дейди көргизбе сарайы директоры Улбосын Утегенова. Картиналарда жас қәлемкешлердиң әпиўайы ҳәм сезимге толы жумысларын көриўимизге болады. Әсиресе, Ўатанымыз қорғаўшылары болған Миллий-Армиямыз ҳәм жаўынгерлерди образлы сәўлелендирген композициялары тамашагөйлерди өзине тартады.

Дөретпелер тематикасы, ислеў техникасы менен бир-биринен айрықшалығы, сюжетлердиң ҳәр түрлилиги, миллий армиямызға болған мақтаныш сезимлерине толы.

Жас художниклерден Әмет бақсы атындағы 12-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшысы З.Таңирбергеновтың «Ўатанды қорғайман», «Ўатаныма хызмет етемен» атамасындағы жумыслары, Есжан бақсы атындағы Нөкис қалалық 1-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң оқыўшылары М.Кеңесбаевтың «Әскер шынығыўы», А.Алпысбаевтың «Мен де әскер боламан», А.Утемуратованың «Әскерий ант», А.Турдыбаеваның «Әскер шаңарағы», «Шегара қорықшысы», «Әскерликтен қайтыў» ҳәм т.б. оқыўшылардың акварель ҳәм графикалық жумыслары жыйналғанларда өзгеше тәсир қалдырды.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы