Нөкисли исбилермен-ойлап табыўшы Р.Қартбаев пайтахтымыздағы «Темир жол» МПЖ аймағындағы 22-киши районның 1-Д жайында өзиниң кәрханасында шығарылатуғын өнимлер менен ири оңлаў жумысларын алып бармақта.

– Бүгинги күнде 32 хожалық жасаўшы усы жайымыздың турғынлары «Айдын жол коммунал» ширкети болып бирлескен. Айырым қоңсы жайларда кредит есабынан ири оңлаў жумыслары алып барылған еди.

Бизлер де ширкет ағзалары менен келисип жайымызға ири оңлаў жумысларын алып барыў ушын банктен кредит сорап көрген едик. Бирақ, мәселе шешилмей қалып, тағы ойластық. Р.Қартбаев қоңсымыз болғаны ушын ойласықта бар еди. Ол бизге өзи оңлап беретуғынын айтты ҳәм өзиниң кәрханасында шығарылатуғын өнимлер менен подъездлеримизди ремонтлап берди,-дейди «Айдын жол коммунал» ширкетиниң баслығы Б.Бердибаева.

Қоңсы жайлардағы ҳәр бир подъезд ушын 7 миллион сум шамасында пул кеткенин еситкен едик. Р.Қартбаев болса, ҳәр бир подъездге 3 миллион 200 мың сум шамасында пул жумсады. Ҳәзирги ўақытта өзиниң кәрханасынан шығатуғын шифрлар менен жайдың басын шифрлап атыр. Ҳәзир суйық обой менен ремонтланған бизиң подъездлеримиз басқа қоңсы жайлардың подъездлерине қарағанда оғада сулыў. Сондай-ақ, Р.Қартбаев балаларымыздың ойнаўы ушын карусель де қурып берди. Ҳәммемиз буннан оғада қуўанышлымыз ҳәм миннетдармыз.

Сондай-ақ, Р.Қартбаевтың кәрханасында тасланды автотранспорт шиналарынан пиролиз майын алыў жолға қойылды.

Фото: Супер подъезд

Қарақалпақстан хабар агентлиги