10-январь күни бир күн даўамында ҳиндстанлы бир топар шыпакерлер Нөкис медициналық диагностика орайында болып, қабыллаўына келген 244 пуқараны медициналық көриктен өткерди.

Тексериўлер тийкарынан кардиология, неврология, ортопедия, гастроэнтерология  бағдарында болды.

Бул жерде ҳиндстанлы кардиолог шыпакер Ритуик Раж, ортопед Дипак Арора, невролог Бипин Ўалия, гастроэнтеролог Муҳаммад Абдун Наймлардың басшылығындағы топар наўқасларды томографиялық тексериўлерден өткерип, жүрек, қан тамыры кеселликлери бойынша да алынған мағлыўматларға тийкарланып, тийисли мәсләҳәтлер берди.

– Биз ҳиндистанлы кәсиплеслеримиздиң орайымызға келип, наўқасларды қабыллап, әмелий жәрдем көрсетип бирге ислескенинен қуўанышлымыз. Илаж даўамында шыпакерлеримиз өз-ара тәжирийбе алмасыў мүмкиншилигине де ийе болды,-дейди орай директоры Х.Бабаджанов.

Тексериў жумысларында орайға тийисли заманагөй медициналық үскенелерден пайдаланылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги