Энергия ресурсларынан 2016-жылдың 1-июнь ҳәм 2017-жыл 1-июль  аралығында жәми 194,7 миллиард сум, 2017-жылдың 1-июнь-2017-жылдың 31-декабри аралығында 337,4 миллиард сум, яғный 142,7 миллиард сум артығы менен өндирилди. Бурынғы суд департаменти дәўиринде 207,4 миллиард сум, ал Мәжбүрий орынлаў бюросы шөлкемлестирилгеннен соң өткен жылдың екинши ярымында жәми 401,8 миллиард сум, яғный 194,4 миллиард сум артығы менен өндирилди.

Усындай мағлыўматлар Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы мәжилислер залында өткерилген Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 29-майдағы «Электр энергиясын ҳәм тәбийғый газди жеткерип бериў және тутыныў саласында төлем тәртибин буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, орынлаў жумысын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм 2017-жыл 30-майдағы «Өзбекистан Республикасы Бас Прокуратурасы жанындағы Мәжбүрий орынлаў бюросы жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары талапларының орынланыўын тәмийинлеў мәселелерине бағышланған коллегия мәжилисинде атап өтилди.

Мәжилиске Мәжбүрий орынлаў бюросы республикалық басқармасы, сондай-ақ, районлық ҳәм қалалық бөлимлериниң басшылары ҳәм хызметкерлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Мәжбүрий орынлаў бюросы республикалық басқармасы, сондай-ақ, районлық ҳәм қалалық бөлимлери тәрепинен өткен жылдың екинши ярымында әмелге асырған жумысларының нәтийжеси және бәрше тараўлар бойынша исленген жумыслар бойынша сын көз-қарастағы баянатлар жасалды.

Мәжилисте бюроның айырым районлық ҳәм қалалық бөлимлери тәрепинен тутыныўшылардың пайдаланған электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ ушын қарыздарлықты өндириў жағдайы елеге шекем төмен дәрежеде екенлиги сынға алынды. Бюроның бәрше тараўы, соның ишинде энергия ресурслары ушын қарыздарлықты өндириў, суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да қатнас ҳүжжетлериниң орынланыўын тәмийинлеўди еле де жеделлестириў мақсетинде анық режелер белгиленип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги