2017-жыл даўамында жаслар арасында жүз берип атырған жынаятшылықлар саны 17 процентке кемейген. Профилактикалық есапта турған 50 жас өспирим, 6 мыңға шамалас жас бийпул дөгереклерге қамтып алынды. Түнги рейдлерде дем алыў орынларының ҳәм Интернет ойынларының ышқыпазлары саны 40 тан асып кеткенлиги анықланды. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар арасында өз жанына қастыянлық етиў, алдаўшылық  пенен пул табыў сыяқлы иллетлердиң саны жылдан-жылға артып бармақта.

Өзбекистан Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен шөлкемлестирилген «Жаслар пресс клубы»ның дәслепки сессиясында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты орынлаўшы жуўапкер басшылар усылар ҳаққында ғалаба хабар қуралларына мәлим етти.

Алдын хабар бергенимиздей, жақында жуўапкер уйымлар менен шөлкемлердиң жумысын ҳәм бирге ислесиўин және де жетилистириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде жаслар сиясаты ҳәм саламат әўладты тәрбиялаў мәселелери бойынша комитет дүзилген еди. Бул комитеттиң тийкарғы ўазыйпасы жасларды қоллап-қуўатлаў, усы жөнелисте алып барылып атырған илажларды парламент дәрежесине алып шығыўдан ибарат. Бүгинги күнде комитетте өз алдына режелер белгиленип, жаңа жойбарлар ислеп шығылмақта.

– Бизиң тийкарғы мақсетлеримизден бири – Қарақалпақстан Республикасында 2018-жылда жаслар арасындағы жынаятшылықты пүткиллей болдырмаў, – дейди Өзбекистан Жаслар Аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы А.Данияров.

Қарақалпақстанда биринши мәрте өткерилип атырған «Жаслар пресс клубы»на Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри А.Аяпов, Ишки Ислер министрлиги бөлим баслығы К.Нурабуллаев, Орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў басқармасы баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы П.Сейтмуратов қатнасты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы