Қайыр-сақаўатлық илажлары негизинде Қанлыкөлде еки балаға еситиў аппараты менен дәри-дәрманларын алыўда мәнзилли  жәрдемлер көрсетилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрь күнги «Халықтың кем тәмийинленген қатламын қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық район ҳәкимлиги, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетшилиги фонды ҳәм кәсиплик аўқамлары шөлкемлери тәрепинен район аймағындағы кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж пуқараларды материаллық ҳәм руўхый жақтан жақтан қоллап-қуўатлаў, жәмийетте өз-ара дослық, татыўлық, меҳир-мириўбетти беккемлеў бойынша қайыр-сақаўатлық илажлары әмелге асырылмақта.

Илажлары негизинде аймақларды үйрениў барысында анықланған мүтәжликлер тийкарында, Қанлыкөл районында кем тәмийинленген  шаңарақларға хожалық буйымлары берилген болса, район аймағындағы 6 оқыўшыға мәнзилли медициналық жәрдем көрсетилди.

Атап айтқанда, «Қанлыкөл» АПЖда жасаўшы Турсынгүл Исламбаеваға 4 миллион сумлық еситиў аппараты, «Жайҳун» АПЖда жасаўшы Алишер Реймовқа емлениўи ушын 4 миллион сумлық мәнзилли медициналық  дәри-дәрмақлар берилди.

Бундай қайыр-сақаўатлық илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги