Қанлыкөл районында «Ўатан қорғаўшылар күни»не арналған үгит-нәсият илажы болып өтти.

Илаж қатнасыўшыларының атап өткениндей, Өзбекистан ғәрезсизликке ерискеннен кейин Биринши Президентимиз И.А.Каримовтың принципиал позициясы, сиясий искерлиги себепли, миллий армиямызға тийкар салынып, 14-январь күни 26 жылдан берли «Ўатан қорғаўшылар күни»  сыпатында белгиленип келинбекте.

Илажда, Өзбекистан Республикасы Журналистлер дөретиўшилик аўқамының баслығы, Өзбекистан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы қорғаныў ислери бойынша жәмийетлик кеңеси ағзасы С.Ҳакимов, Өзбекистан Жәҳән тиллери университети доценти Р.Муйтов, «Еркин Қарақалпақстан» – «Вести Каракалпакстана» газеталарының бас редакторы, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы қорғаныў ислери бойынша жәмийетлик кеңесиниң ағзасы К.Реймов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде миллий армиямыз елимиздиң ғәрезсизлигин,   шегараларымыздың қол қатылмаслығын, халқымыздың тыныш ҳәм татыў турмысын исенимли қорғайтуғын, мың-мыңлаған улларымыз ушын шын мәнисиндеги мәртлик, пидайылық, Ўатансүйиўшилик мектебине айланғанлығын атап өтти.

Илажда, республикамызға белгили көркем-өнер шеберлери менен районлық көркем-өнер тараўы хызметкерлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги