Усы жыл 6-январь күни Нөкисте Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының басламасы менен елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин терең түсиндириў ҳәм халықтың кең қатламына жеткериў мақсетинде пайтахтымыз көлеминде үгит-нәсиятшыларды таярлаў бағдарында семинар-тренинг болып өтти.

Илажға Нөкис қаласы ҳәкиминиң орынбасарлары, қалалық ишки ислер бөлиминиң жуўаплы хызметкерлери, жәмийетлик шөлкемлердиң, улыўма билим бериў мектеплери менен кәсип-өнер колледжлериниң басшылары, мийнет ветеранлары, сондай-ақ, қаладағы «Шымбай чайхана», «Айдын жол», «Халықлар дослығы», «Ҳаўа жоллары», «Ботаника бағы», «Қутлы қоныс» ҳәм «Алланияз Қаҳарман» мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары қатнасты.

Илажда Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Мәмлекетлик басқарыў академиясының тыңлаўшысы Бердақ Төреев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы, Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң Олий Мәжлиске жоллаған мүрәжаты ҳәм елимиз Конституциясының  25 жыллығы мүнәсибети менен өткерилген мәжилистеги баянатында белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халықтың кең қатламына әсиресе, сана-сезимине руўхый-ағартыўшылық идеялардың сиңдириў және аймақларда жат идеяларға қарсы ҳәр тәреплеме гүрес алып барыў бойынша үгит-нәсият жумысларын әмелге асырыў мәселелерине кеңнен тоқтап өтти.

Семинар жуўмағында елимизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың мазмун-мәнисин халықтың кең қатламына жеткериў бағдарында Нөкис қаласында әмелге асырылатуғын жумыслардың режеси ҳәм жол картасы ислеп шығылып, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери тәрепинен жәмлескенлик пенен әмелге асырыў илажлары белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агенитлиги