Жақында Хожели қаласының «Гөне қала» аймағында халықтың тәбийғый газ ҳәм суйылтырылған газ баллонлары менен тәмийинленбей атырғаны, канализация тармағының жоқ екенлиги ҳаққында ғалаба хабар қуралларында сын материаллар жәрияланған еди.

Ҳәзирги ўақытта Хожелиниң «Гөне қала» аймағында «Нурлы жол», «Тутзар», «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйыны болып, оларда 13 мыңға шамалас халық жасайды. 1800 ден аслам шаңарақта жасайтуғын бул халықтың тәбийғый газге болған талаплары толық қанаатландырылып, канализация тармағы бойынша жумыслар қызғын алып барылмақта.

Район ҳәкимлиги ҳәм «Қарақалпақгаз» филиалының жуўапкерхызметкерлериниң бизге мәлим етиўинше, районда жәми 33 мың 065 шаңарақ газлестирилип, соннан аўыллық жерлердеги 5 мың 132 шаңарақ тәбийғый газден суйылтырылған газге бейимлестирилди. Ал, газ тармағы улыўма тартылмаған 1 мың 709 жәми 6 мың 841 шаңарақты Хожели районлараралық газ тәмийнаты участкасы тәрепинен суйылтырылған газ баллонлары менен тәмийинлеў жолға қойылды. Буған қосымша халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар шынтлап қолға алынбақта.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 18-январьдағы «2017-2021-жылларда Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында»ғы қарарына муўапық нырқы 302 миллион сумлық  3,5 километрлик суў тармағында оңлаў жумыслары әмелге асырылып, пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, район орайындағы 5,015 километрлик узынлықтағы канализация тармағында оңлаў жумыслары алып барылмақта.  Бул ушын 2 миллиард 246 миллион сум қаржы ажыратылып, ҳәзирги ўақытта «Қурылыс санаат» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурылыс-монтажлаў жумыслары тезлетилген пәт пенен әмелге асырылмақта.

– Көп жыллардан берли тәбийғый газ басымының төмен болыўы себебинен қыйыншылықларға дуўшар болып келген едик, -дейди «Наўрыз» МПЖ «Балықшы» көшесиниң 21-үйинде жасаўшы Айжан Досымбетова. – Мине, быйылғы гүзги-қысқы мәўсимде газ басымы көбейип, шаңарақ ағзаларымыз бенен жыллы үйлеримизде жаңа жылды үлкен қуўаныш ҳәм үмитлер менен күтип алдық.  Ҳәзирги ўақытта да газ басымы жоқары болып, машқалалардан қутылдық. Бул ушын аймақ турғынлары атынан район ҳәкимлигине, тараў басшыларына, республика ҳүкиметине ҳәм Елбасшымызға көп-көп рахмет айтаман. Және бир қуўанышлы жери аймақларымызға таза ишимлик суў ҳәм канализация тармақларын тартыў бойынша да жумыслар қолға алынып, турғынлардың кеўлинен шықпақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги