Жаңа жыл байрамы қарсаңында пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекистан жаслар аўқамы  тәрепинен республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларға жаңаланған үлги жойбарлар бойынша қурылған арзан турақ жайлар  пайдаланыўға тапсырылған еди.

Солардың қатарында жас илимпаз Руслан Бекимбетов та бар.

Р.Бекимбетов Президентимиз тәрепинен 7 процент пенен  20 жылға жеңиллетилген кредит есабынан берилип атырған арзан турақ жайға илескенинен шексиз қуўанышта.

Р.Бекимбетов 1988-жылы Кегейли районында туўылған. «Болар бала бес жасынан белгили» дегениндей Руслан мектеп дәўиринен баслап-ақ,  пән олимпиадаларына қатнасып, бәрқулла 1-орынды ийелеп келген. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң  Техника факультетинде оқыўын даўам еттирген Руслан студентлик дәўиринде Бердақ атындағы мәмлекетлик  стипендия ийеси болады.

Оның бүгинги күнге шекем жигирмаға шамалас илимий мақалалары илимий топламларда басылып шықты.

Руслан бүгинги күнде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Техника факультети, «Архитектура» кафедрасында ассистент болып, жемисли мийнет етпекте.

Устазы, Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң геология лабораториясы баслығы, техника илимлериниң кандидаты Иззет Айымбетов пенен биргеликте илимий жумыслар алып бармақта.

Р.Бекимбетов «Нөкис қаласында қумлардың жүк көтериўшилик дәрежеси» атамасындағы илимий жумыслары менен бирге геологиялық излениўлер алып бармақта. Нөкис қаласы аймағында көп қабатлы имаратлар ҳәм қурылмалардың фундамент конструкцияларындағы айрықша өзгешеликлерди илимий жақтан дәлийлеп шықты.

Оның келешектеги режелери ислеген илимий жумысларын өндириске енгизиўден ибарат.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы