Өзбекистан Республикасы интеллектуаллық мүлк агентлиги республикада ең жақсы интеллектуаллық мүлк объектлерин анықлаў ҳәм ҳуқық ийелерин сыйлықлаў арқалы ойлап табыўшылық ҳәм илимий-техникалық дөретиўшиликти хошаметлеў, инновациялық белсендиликти арттырыў, жаңа техника, технология ҳәм бәсекиге шыдамлы өнимлерди жаратыўға көмеклесиў және жаслардың инновациялық қолланбаларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде:

«Ең жақсы ойлап табыўшы;

«Ең жақсы пайдалы модель»;

«Ең жақсы санаат үлгиси»;

«Ең жақсы селекция жетискенлиги»;

«Ең жақсы ЭЕМ ушын бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базасы»;

«Жаслар арасында ең жақсы ЭЕМ ушын бағдарлама авторы» номинациялары бойынша «BEST IP – 2018» таңлаўын жәриялайды.

Таңлаўға кейинги үш жылда (2015-2017-жыллар) даўамында қорғаў ҳүжжетлери алынған ҳәм әмелде сақлап турылған ойлап табыўлар, пайдалы модельлер ҳәм санаат үлгилери және жергиликли авторлар (ҳуқық ийелери) тәрепинен жаратылған ЭЕМ ушын жаратылған бағдарламалар ҳәм мағлыўматлар базалары менен селекция жетискенликлери қабыл етиледи.

Таңлаўдың «Жаслар арасында ең жақсы ЭЕМ ушын бағдарлама авторы» номинациясы бойынша 40 жасқа толмаған, өзиниң ЭЕМ ушын жаратылған бағдарламасына ийе болған шахслар ҳүжжетлерин тапсырыўы мүмкин.

Таңлаўға қатнасыў ушын ҳүжжетлер 2018-жылдың 10-январынан 2018-жылдың 10-апрелине шекем қабыл етиледи.

Таңлаў жеңимпазлары «26-апрель –  Халықаралық интеллектуаллық мүлк күни» қарсаңында жәрияланады. және естелик саўғалары ҳәм ақшалай сыйлықлар менен сыйлықланады.

Таңлаў қатнасыўшылары төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

– арза (таңлаў Режесиниң 1-қосымшасына муўапық тәризде толтырылған);

– қорғаў ҳүжжетлериниң көширмеси;

– объекттен пайдаланыў акти ямаса объекттиң пайдаланыўға таяр екени ҳаққындағы ҳүжжетлер (тәжирийбе ямаса санаатта сынаған акти, лицензия шәртнамасы, енгизиў акти ҳәм басқалар).

Таңлаўға талапнамалар жумыс күнлери саат 9.00 ден 17.00 ге шекем төмендеги мәнзил бойынша қабыл етиледи:

100000, Ташкент қаласы, Мустақиллик проспекти, 59-жай (5-қабат Агентликтиң китапханасы).

Сондай-ақ таңлаўға ҳүжжетлер электрон тәризде tanlov@ima.uz  электрон мәнзилинде де қабыл етиледи.

Ҳүжжетлер «Ең жақсы интеллектуаллық мүлк объектлери ушын «BEST IP – 2018» таңлаўына» деп көрсетилген ҳалда тапсырылыўы лазым.

Мағлыўмат ушын телефонлар: 0 371 232-50-27, 0 371 232-50-50, 0 371 232-50-13.

Көрип шығыў ушын қабыл етилген арза ҳәм ҳүжжетлер таңлаў қатнасыўшыларына қайтарылмайды ҳәм олар рецензияланбайды.

Таңлаў ҳаққындағы толық мағлыўматты Агентлик сайтынан (www.ima.uz) алыў мүмкин.