Балалар бақшасынан баласын алыўға үлгере алмай атырған ата-ана «балаларыңызды бақшаға апарып, алып қайтамыз» деген радиодағы тынбай жәрияланып турған рекламаны еситеди де, қалалық такси компанияларының бирине қоңыраў етип, перзентин үйине әкелип бериўин «заказ» етеди. Тилекке қарсы, таксист айтылған баланы емес, басқа баланы белгиленген мәнзилге алып келди…

Төмендеги ўақыя өзи гүўасы болған қаҳарманның тилинен баян етиледи.

Баламды бақашадан алыўға барып, кийиндирип атыр едим. Бир ўақытта бақшаның сыртқы темир есигин «тарс» еттирип жаўып, қәўетерли пишинде үлкен киси кирип келди. Тәрбияшы қыз да бир нәрседен гүдикленгендей, оған жалт қарады.

– Қарындас, сиз қандай тәрбияшысыз?! Мениң баламды кимге берип жибердиңиз?!– деди ол ҳаўлығып.

– Қәйдем билейин аға, қоңсысыман деди ғой, және өзиңиз өтиниш еткен қусайсыз, – деди тәрбияшы қыз албырап.

– Сизди түсинбедим, тәрбияңыздағы баланың өзин және әке-шешесин танымай турып дус келген адамға берип жибере бересиз бе?! – деди әке көтерилип.

– Барып қалар аға, жолда шығар бәлким, – деди қыз да үмитленип.

– Қайсы жолда?! Үйге еки мәрте барып келдим. Жақын еки қоңсымның да үйине бардым, баллары үйинде, мениң баламнан ҳеш те дәрек жоқ. Не дейсиз енди маған?! – әке әбден ашыўға минди.

– Кеширерсиз аға, сабыр етиң, табылып қалар. Мен жақында жумысқа кирген жәрдемши тәрбияшы едим. Жуўапкер тәрбияшы бүгинге руқсат алып кетти. Туўрысы, балалар ҳәм олардың ата-аналары менен толық танысып үлгермедим,– деди қыздың жүзи бетер қызарып.

– Ол жағы менен мениң не жумысым бар? Билмеймен, тез баламды таўып бер! Болмаса ҳәзир көресең, – деген әке қол телофонын шуқластырып кетти.

Бийшара тәрбияшы қыз  аяғы күйген таўықтай тыпыршылап қалды…

Бир пайыт сыртқы темир есик «шыйық» етип ашылып, ҳаўлығып киятырған бийтаныс ерли-зайыптың жанында «аға»лап жуўырып киятырған баланың даўысы барлық үмитли нәзерлерди өзине қаратты. Бийтақатланып телефонда әлле ким менен сөйлесип атырған әке де артына айланып жалт қарады. Перзентиниң даўысын танығандағы қуўанғаны соншелли, қол телефонының жерге «торс» етип түскенин де байқамады…

Қызықлы ҳәм қәўетерли тәрепи сонда бул ата-ана да өз баласын жойтып киятыр еди. Себеби, таксист азғана итибарсызлық себепли үйине басқа баланы алып келген еди …

«Бала күлсе, әлем шадлықта», дейди халқымыз. Арамызда балаларды сүймейтуғын, олардың шийриннен-шекер тилине, суп-сулыў жүзине қумарлана қарамайтуғын инсан табылмаса керек. Аўа-дә, олар кеўлимиздиң илҳам-йошы, өмиримиздиң гүли.

Солай екен, жоқарыдағыдай унамсыз ўақыялардың болмаўын қәлесек, балаларды бақшадан өз ата-аналарының салтанатлы түрде алып қайтқаны мақул, деп ойлаймыз.       

 

«Устаз жолы» газетасынан алынды