Денсаўлықты сақлаў тараўы ҳаққында

сөз етилгенде, бир ҳақыйқатты естен

шығармаўымыз тийисҮ медицина 

хызметкерлери бизиң саламатлығымыздың

сақшылары. Оларға халық исениўи, ал олар

халықты исендире билиўи керек.

Ш.Мирзиёев

 

 

Президентимиздиң бул пикири жақында Ташкент Педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы питкериўшилерине салтанатлы жағдайда диплом тапсырыў мәресиминде және бир мәрте тилге алынды.

«Шыпакерлик кәсибине кирисер екенмен, өзимниң бар билимим ҳәм тәжирийбемди наўқасларды емлеўге ҳәм инсан саламатлығын сақлаўға, жасы, жынысы, расасы, миллети, дини, социаллық келип шығыўына қарамастан олардың денсаўлығын жеке мәплеримнен жоқары қойыўға, Гиппократ, Әбиў Әлий Ибн Сино сыяқлы уллы шыпакерлердиң ислерин даўам етиўге салтанатлы түрде ант етемен». Институт питкериўшилери мине усы мазмундағы дәстүрий антты қабыл етти.

Салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, елимизде денсаўлықты сақлаў тараўында алып барылып атырған реформалардың унамлы нәтийжелер берип атырғаны, тараўды буннан былай да раўажландырыў, халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң сапасын халықаралық стандартлар дәрежесине көтериў, жас қәнигелерди таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарында жетекши билимлендириў технологияларын кеңнен енгизиў, дүньяның жетекши медициналық орайлары ҳәм оқыў орынлары, белгили илимпазлар ҳәм қәнигелер менен бирге ислесиўди жолға қойыў бағдарында алып барылып атырған илажларға айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.

Илажда институт оқытыўшылары шығып сөйлеп, кешеги студент ҳәм болажақ шыпакерлерге ақыл-кеңеслерин берип, ҳақ жол тиледи.

Ташкент Педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы алты бағдар бойынша медицина қәнигелерин таярлап бериўши Аралбойы  регионындағы бирден-бир билим дәргайы болып, быйылғы оқыў жылында педиатрия, емлеў ҳәм медициналық-профилактика факультетлерин, жәми 180 ге шамалас шыпакер питкерип шықпақта. Оларға салтанатлы жағдайда Дипломлар тапсырылды. Өз гезегинде институт питкериўшилери өзлерине жүкленген ўазыйпаны ҳәм үлкен исенимди инабат пенен атқарыўға сөз берип, устазларына шексиз миннетдаршылық билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги