Нөкис қаласы Орақ балға елатында жайласқан дүканда нан өнимлери 800 сумнан сатылып атырғанлығы туўралы тутыныўшы Ж.С. дан Қарақалпақстан Республикасы Туныныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясына мүрәжат келип түскен.

Арза үйренип шығылып, шынында да усындай фактлер болып атырғаны анықланады. Жергиликли уннан таярланған «буханка нан» өнимлери мәмлекет тәрепинен белгиленген баҳада сатылыўы шәрт. Яғный, биринши сортлы бийдай унынан таярланған 600 грамм салмақтағы нан 650 сум, 500 граммлы нан болса, 600 сумнан сатылады.

Сатыўшы тутыныўшыдан алынған пулды қайтарып берип, ол бундай жағдай қайталанбаўы туўралы ескертиледи.

 

  Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында)