Нөкис қаласы Төрткүл гүзарында жасаўшы Ж.С. арза менен Нөкис қалалық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етеди. Онда Ж.С. өзиниң неке тойын түсириўи ҳәм оны дискке салып бериўи ушын “Aftor Cinema ”  (ҳәзирги аты “Panterra”) студиясына исенип тапсырғанын, бирақ тойды түсирген хызметкер Х.Т. диск ушын 450 мың сумды алып, бес айдан берли дискти бермегенин айтады.

Мүрәжат жәмийет хызметкерлери тәрепинен үйренилип, арза келип түскеннен соң үш күн ишинде той диски тутыныўшыға алып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(материаллар ҚР Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының мағлыўматлары тийкарында таярланды)