Быйыл қутлы Рамазан айы бәҳәр мәўсимине туўра келиўине байланыслы «Умра» сапарына мартта ҳәм май айында кетиў режелестирилген. «Умра» сапары ушын быйыл 150 орын ажыратылған. Ҳәзирги күнде 70 талабанның қәрежетлери өткерилип, сапар алды таярлықлары қызғын даўам етпекте.

«Ҳаж» сапары гүз айларына режелестирилмекте. Усыған байланыслы қала ҳәм районларда мәҳәлле (аўыл) пуқаралар жыйынларының ақсақаллары менен олардың кеңесгөйлерине, мешитлердиң имам-хатиблерине ҳәр бир сапарға барыўға талабан пуқара менен жеке түрде сәўбет  өткериў ҳаққында тапсырмалар берилген. 2017-жыл 28-декабрьдеги Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында «Ҳаж» ҳәм «Умра» сапарына барыў системасына соған уқсас бираз өзгерислер киргизилди.

Атап айтқанда, «Ҳаж» сапарына бурын улыўма бармаған пуқаралар, 45 жастан жоқары жастағы ҳаял адамлар жоқарыда аты аталған жуўапкер шахслардың сәўбетинен өткен ҳәм талабан ҳаққында жәмийетшилик жақсы пикир билдирген жағдайда ғана  «Ҳаж»ға барыўы мүмкин. Ал, «Умра» сапарына болса, соңғы 5 жыл даўамында «Ҳаж», соңғы 2 жыл даўамында «Умра» сапарларына бармаған пуқаралар жоқарыдағы шәртлер тийкарында жибериледи. Сондай-ақ, оның диний саўаты, әдеп-икрамлылығы, шаңарағындағы орталықтың саламатлығы инабатқа алынады.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңесиниң мағлыўматына қарағанда,  2035-жылға шекем «Умра» ҳәм «Ҳаж» сапарына гезекте турған талабанлар бар. Бирақ, сапарлардың баҳасы қымбатлаўына байланыслы (алдын 5 миллион сум болып келген «Умра» сапарының баҳасы 13 миллион 600 мың сумға көтерилди. Бурын 8 миллион сумнан барып турған «Ҳаж» сапары 22 миллион 500 мың сум етип белгиленди.) талабанлардың саны азаймақта.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң жәмийетлик шөлкемлер ҳәм диний шөлкемлер менен байланыслар мәселелери бойынша секретариатының мәлим етиўинше, быйыл «Ҳаж» сапарына барыў баҳасы және көтерилиўи мүмкин.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы