Қарақалпақстан Республикасы  Мәҳәллелер Кеңеси тәрепинен өткен жылы төмендегише жумыслар әмелге асырылды:

  • мийнетке жарамсыз, турақ жайға мүтәж ҳәм кем тәмийинленген 65 пуқараға арзанластырылған үлги жойбардағы турақ жай алыўы ушын ҳәр бирине 10,0 миллион сумнан, жәми 650 миллион сум берилген;
  • жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ата-анасынан айырылған, майыплығы бар болған студентлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде 45,6 миллион сум;
  • социаллық қорғаўға мүтәж кем тәмийинленген шаңарақларға 40,0 миллион сум;
  • бағыўшысын жойытқан шаңарақларға, жалғыз баслы кекселерге ҳәм майыплығы бар болған пуқараларға саламатлығын тиклеў ушын 75,0 миллион сум жәрдем көрсетилген;
  • 2017-жылы республикамызда 5 мәкан пуқаралар жыйыны жаңадан қурылған имаратқа ийе болды;
  • елимизде бириншилерден болып Шоманай районында барлық қолайлықларға ийе «Мәҳәлле орайы» пайдаланыўға тапсырылды.

Бул ҳаққында Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары жумысларын муўапықластырыў бойынша  Қарақалпақстан Республикасы кеңесиниң атқарыўшы аппаратында 2017-жылдағы жумыслардың жуўмағына ҳәм 2018-жылға белгиленген әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған мәжилисте мәлим етилди.

Мәжилисте атап өтилиўинше, Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәллелер Кеңеси тәрепинен ҳүрметли Президентимиздиң 2017-жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың тийкарғы бес бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясының орынланыўын тәмийинлеў, мәҳәллелердеги  руўхый-социаллық жағдайды үйрениў ҳәм анықланған машқалаларды сапластырыў мақсетинде 300 мыңнан аслам шаңарақлар үйренилип шығылған.

Мәжилисте сондай-ақ, кем тәмийинленген шаңарақларға берилип атырған материаллық жәрдемлер, жас шаңарақлардың  ажырасыўының алдын алыў,  шаңарақларды жарастырыў,  кем тәмийинленген, турақ жайға мүтәж шаңарақлар, жас шанарақлар, сырт еллерге шығып кеткен, қайтып келген жумыссыз ҳаял-қызлар, жәмлеспеген ҳәм жумыссыз жаслар, олардың  жумыс пенен тәмийинлениўи сыяқлы мәселелерде жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер қатаң сынға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги