«Ар жақ, бер жақ болып еки сан болған…» деп тула бойды шымырлатар ҳаўазы менен қулақ қурышын қандырған қарақалпақтың бақсы қызы Гүлбәҳәр Ахымбетова ушын өткен жыл әўметли келди: «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықланды ҳәм Жаңа Жыл қарсаңыда пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынының аймағында арзан турақ жайлардан бирине кириўге миясар болды.

Бурын хабар етилгениндей, Жаңа жыл байрамы қарсаңында пайтахтымыздағы «Қумбыз аўыл» мәкан пуқаралар жыйынының аймағында Өзбекистан жаслар аўқамы  тәрепинен республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысында белсене қатнасып атырған жас шаңарақларға жаңаланған үлги жойбарлар бойынша қурылған арзан турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды.

-2017-жыл мениң ушын бахытлы жыллардың бири болып жуўмақланды. Жаңа жылды таза жайымызда шаңарағымыз бенен күтип алдық, бундай имканият жаратып берген, бизге аталарша ғамхорлық көрсеткен Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен, – дейди Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың ийеси, Өзбекистан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалының оқытыўшысы, «Дослық» ордениниң ийеси, Қарақалпақстан халық бақсысы Гүлбәҳәр Ахымбетова.

– Өтип баратырған жылда және бир жетискенлигим – «Өзбекистан белгиси» көкирек нышаны менен сыйлықландым.  Елимизде жәмийетке өз үлесин қосып атырған, ҳәрекетте болған ҳәр бир жастың мийнетлери жоқары баҳаланбақта.

Өзбекистан Жәҳән тиллери университетиниң халықаралық журналистика бағдарында оқып атырған ўақтымда «Ўзбегим ёшлари» ансамбли менен биргеликте Испания, Малайзия, Франция, Португалия мәмлекетлеринде болып, ол жерлерде де елимиздиң көркем өнерин кеңнен танытқан едим.

Г.Ахымбетова жәмийетте белсенди ҳаял, шаңарақта меҳрибан ана, опалы яр. Шаңарақта өмирлик жолдасы Туран гүреси бойынша Азия чемпионы Әбдиғаный Әбдирашидов пенен бирге Фатима ҳәм Ҳүрлиман атлы қызларын тәрбияламақта.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы