Пайтахтымыздағы Симпозиумлар сарайында 28-июнь күни Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңестиң шөлкемлестириў конференциясы болып өтти.

Конференцияда парламент ағзалары, ҳәр қыйлы министрликлер менен ведомстволардың басшылары, аймақлық кеңеслердиң шөлкемлестириў мәжилислеринде сайланған делегатлар қатнасты. Әнжуманның видеоконференцбайланыс системасында шөлкемлестирилгени пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша аймақлық кеңеслердиң ағзаларына конференция процесин онлайн бақлап барыў имканиятын берди.

Әнжуман қатнасыўшылары дәслеп еркинлигимиз, айдын келешегимиз ҳәм жақсы нийетлеримиздиң тымсалы болған Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүллер қойды.

Конференцияда Қаршы қаласы «Хонтепа» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Р.Зоҳиров, Бахмал районы «Гулбулоқ» АПЖ баслығы У.Ҳамроев, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының Шымбай районлық бөлиминиң баслығы Б.Абдуллаев ҳәм басқалар Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың басшылығында мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларын халыққа ең жақын ҳәм халықшыл структураға айландырыў, пуқаралар жыйынларының мәплерин сәўлелендиретуғын аўқамға бирлесиў ҳуқықын жүзеге шығарыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм пуқаралық жәмийети институтлары менен өз-ара бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға хызмет етип атырғанын атап өтти. Мәмлекетимиз басшысының усы жыл 3-февральдағы «Мәҳәлле институтын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен бул системаның жумысында жаңа раўажланыў басқышы басланды, структура түп-тийкарынан реформаланып, заман талаплары тийкарында жетистирилмекте.

Усы пәрманға муўапық Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеске юридикалық шахс статусы берилип, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы, районлық ҳәм қалалық кеңеслери Республикалық кеңестиң қурамлық структуралары сыпатында шөлкемлестирилди. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын буннан былай да жетилистириўге байланыслы комплексли илажлардың бағдарламасы тастыйықланды. Онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде быйылғы жылдың март айында елимиздиң районлық менен қалалық, май-июнь айларында Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық кеңеслериниң шөлкемлестириў мәжилислери өткерилди.

Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша аймақлық кеңеслердиң қурамы, кеңеслердиң баслықлары лаўазымына тийислисинше район (қала)лар ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлери, олардың биринши орынбасарлары және жаслар менен ислесиў, диний-ағартыўшылық мәселелери, кекселер ҳәм нуранийлер ислери бойынша орынбасарлары, кеңеслердиң хаткерлери тастыйықланды. Кеңеслердиң үлги режелери додаланды.

Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир пуқаралар жыйынында қәлиплестирилген Жәмийетлик қадағалаў топары мәҳәллелердеги ҳәм шаңарақлардағы, әсиресе, жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы социаллық-руўхый орталықты үйренбекте. Пуқаралар жыйынларының материаллық-техникалық базасының беккемленип атырғаны, 2018-жылдың 1-декабрине шекем район ҳәм қалалардың орайларында үлги жойбарлар тийкарында «Мәҳәлле орайы» комплекслериниң қурылыўы, инталы пуқаралар ҳәм жәмийетлик структуралардың ўәкиллери ушын «Мәҳәлле мақтанышы» көкирек белгиси шөлкемлестирилгени пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына жүкленген ўазыйпаларды нәтийжели әмелге асырыўда әҳмийетли фактор болады. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың атап өткениндей, мәҳәлле институтының орынларда халықтың мәсләҳәтшисине ҳәм жәрдемшисине, атап өтиў орынлы болса, «Әдиллик тәрезиси»не айланыўы, адамлардың мәмлекетке болған исенимин буннан былай да беккемлейтуғынына гүман жоқ.

Республикалық кеңестиң шөлкемлестириў конференциясында мәмлекетимиз басшысының пәрманында белгиленген ўазыйпалардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети, усы ҳүжжеттиң орынланыўын тәмийинлеўде Республикалық кеңес, аймақлық кеңеслер ҳәм пуқаралар жыйынлары алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар додаланды.

Әнжуманда Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың усы жыл 15-июнь күни Ташкент қаласында болып өткен «Социаллық турақлылықты тәмийинлеў, муқаддес динимиздиң пәклигин сақлаў – дәўир талабы» темасындағы мәжилисте шығып сөйлеген сөзинде мәҳәлле институтының жумысына байланыслы белгиленген тийкарғы ўазыйпалар, олардың орынланыўы ҳаққында да ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Бул бағдарда мәкан пуқаралар жыйынларының имаратларында басқышпа-басқыш китапханалар шөлкемлестириў, орынларда «Мәҳәллениң китапқумарлары» ҳәптелигин өткериў зәрүрлиги атап өтилди. Идеология саласында ҳеш қашан бослықтың болмаўы, инсанның жүреги, сана-сезими ҳәм ақылы мәлимлеме алыўдан, пикирлеўден, тәсирлениўден тоқтамайтуғыны, елимиздеги ҳәр бир инсан әне, усы руўхый азықты, бәринен бурын өзи жасап атырған орталықтан алыў кереклиги атап өтилди. Булай ислемегенде бул идеологиялық бослықты ҳәр қыйлы бузғыншы күшлердиң ийелейтуғыны ҳеш гәп емес. Бүгинги глобалласыў дәўиринде буған бийпарўа болыў – перзентлеримиздиң тәғдирин қәўип-қәтерге қойыў деген сөз.

– Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың «Өз үйиңди өзиң сақла!» деген шақырыққа бүгин «Өз балаңды өзиң сақла!» деп қосымша  киргизиўдиң ўақты келгенин атап өткени бизге үлкен жуўапкершилик жүкледи, жумысымызға жаңаша қатнас жасап, ислеў усылларымызды заман талаплары тийкарында қайта көрип шығыўға шақырды, – дейди Әндижан ўәлаяты Хўжаобод районы «Шаҳрихонсой» МПЖ баслығы, сенатор Тожибар Йўлдошева. – Усы күнге шекем шөлкемлеспеген жаслар менен ислесиўде анық системаның болмағаны, олардың дәртин, арзыў-нийетин кимге айтыўды, ким менен мәсләҳәтлесиўди билмегенлиги себепли айырым жаслардың ҳәр қыйлы жат идеялардың тәсирине түсип қалғаны, жаслар ҳәм жас өспиримлердиң арасында тәртипсизлик, жынаятлардың артқаны ашшы ҳақыйқат. Бүгинги әнжуманда бул бағдарда жол қойылған қәте-кемшиликлерди додалап, перспективадағы ўазыйпалар бойынша пикирлесип алдық.

Мәмлекетимиз басшысы аймақларға сапар етиўи даўамында мәҳәллелерге бармақта, пуқаралар жыйынының хызметкерлери, профилактика инспекторы ҳәм халық ушын жаратылған шараятлар менен танысып. халық пенен пикирлеспекте. Президентимиз усы жыл 25–март күни Юнусобод районы Увайси атындағы мәҳәллениң турмысы менен танысып, «Мәҳәлле халқы бир шаңарақ сыяқлы исенимли, беккем аўызбиршилик пенен өз-ара үзликсиз байланысыўы керек. Бул ушын мәҳәллениң белсендилери, профилактика инспекторлары ҳәр бир шаңарақтың жағдайынан, қуўанышынан, тәшўишинен турақлы хабардар болыўы, өз-ара татыўлықтың ҳәм аўызбиршиликтиң үгит-нәсиятлаўшысына айланыўы зәрүр. Сонда ғана адамлар мәҳәллеге келип өз пикирин, усынысын, дәртин анық айтады, машқаласына шешим табады», деп атап өтти.

– Кеше Увайси атындағы мәкан пуқаралар жыйынында болып, тәжирийбе алмастық, – дейди Самарқанд қаласындағы «Лолазор» мәкан пуқаралар жыйынының диний ағартыўшылық ҳәм руўхый-әдеп-икрамлылық тәрбия мәселелери бойынша мәсләҳәтшиси Ирода Юсупова. – Бизиң мәҳәллемиз сыяқлы бул аймақта да ҳәр қыйлы миллет ўәкиллеринен ибарат халық жасайды екен. Мәҳәллелерде миллетлераралық татыўлық, халқымызға тән дослық, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәтлик пазыйлетлерин буннан былай да күшейтиў елимиз раўажланыўының ҳәм халқымыз абаданлығының тийкарын, ғәрезсизлигимизди беккемлеў менен тығыз байланыслы.

Әнжуманда Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңести дүзиў, кеңес ағзаларын тастыйықлаў, кеңестиң Уставын ҳәм символикалық жойбарларын додалаў, кеңес басқармасын сайлаў, тексериў комиссиясын сайлаў сыяқлы шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды. Республикалық кеңестиң баслығы, оның биринши орынбасары, шөлкемлестириўшилик жумыслар ҳәм методикалық мәселелер, жаслар ислери, диний-ағартыўшылық мәселелер, кекселер ҳәм нуранийлер ислери бойынша орынбасарлары, кеңес хаткери сайланды. Республикалық кеңес жанында жәмийетлик қадағалаў топары шөлкемлестирилип, оның қурамы тастыйықланды.

Конференцияның жумысына Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов, Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик кеңесгөйи Р.Комилов қатнасты.

Умид ЁҚУБОВ,

ӨзА ның хабаршысы