Пайтахтымызда Журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен «Суд-ҳуқық тараўындағы реформалар ҳәм инсан ҳуқықлары мәселелери: Өзбекистан ҒХҚ (ғалаба хабар қураллары) да сәўлелениўи» жойбары тийкарында «Пуқаралардың ҳуқықый саўатлылығы: ҒХҚ ресурсларынан пайдаланыў» атамасында семинар-тренинг өткерилди.

Илажға ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасты.

Семинарда Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университетиниң халықаралық журналистика факультетиниң доценти, филология илимлериниң кандидаты Н.Қосимова ҳәм «Нуроний» газетасының бас редакторы, юридика илимлериниң кандидаты О.Ўсаровлар шығып сөйлеп, нызам үстинлигин ҳәм суд ҳәкимиятының ғәрезсизлигин, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаўға кепиллик беретуғын Ҳәрекетлер стратегиясы, инсан ҳуқықларын қорғаўға кепиллик беретуғын Өзбекистан Республикасының Нызамлары, суд ислери бойынша ҳуқықый мәселелердиң ғалаба хабар қуралларында сәўлелениўиниң өзгешеликлери, мағлыўмат алыў қағыйдалары ҳәм басқа да күнниң әҳмийетли мәселелери туўралы кең түрде мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде суд ҳәкимиятының эволюциялық түрде раўажланыўын, ғәрезсизлигин тәмийинлеў, беккемлеў, оны жазалаў аппаратынан мәмлекеттиң ҳақыйқый ғәрезсиз, инсан ҳәм пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў институтына айландырыўға қаратылған шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый илажлар комплекси әмелге асырылған.

Бирақ, ҳәзирги ўақытта кең жәмийетшилик усы жаңалықлардан толық хабардар емес ҳәм ҒХҚ пуқаралардың ҳуқықый билимлерин қәлиплестириў мәселелеринде белсендилик көрсетиўи керек.

– Жойбардың мақсети – Өзбекистанда инсан ҳуқықлары кепиллениўин беккемлеў, пуқаралардың ҳуқықый билимин ҳәм мәдениятын арттырыў, пуқаралық жәмийетин қәлиплестириўди турақлы даўам еттириў болып есапланады,-дейди  Н.Қосимова.  Еслетип өтемиз, бундай илажлар Наўайы, Самарқанд, Қаршы, Әндижан, Бухара ҳәм Үргениш қалаларында Канаданың жергиликли басламалар фонды менен бирге өткерилмекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.