«Хожели пахта тазалаў» акционерлик жәмийетиниң жәмәәти жаңа  Белсенди исбилерменликти, инновациялық идеяларды ҳәм технологияларды қоллап-қуўатлаў жылының дәслепки жумыс күнин көтериңкилик жағдайында баслап жиберди.

-Жәмәәтимиз өткен жылы Хожели, Тақыятас, Шоманай, Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районларындағы жәми 913 фермер хожалығы тәрепинен жетистирилген 38130 тонна пахта зүрәәтин қабыл етип алды,-дейди акционерлик жәмийетиниң бас инженери Шерзод Худайбергенов.- Соннан усы жылдың январь айына шекем 15485 тоннасы қайта исленди.

Бүгинги күни кәрханада жумыс үш сменада шөлкемлестирилген болып, жумысшылардың өнимли мийнет етиўи ушын барлық шараятлар жаратылған. Атап айтқанда, олар арнаўлы кийим-кеншек, ыссы аўқат пенен тәмийинленген. Олардың жумысқа келип кетиўи ушын автобус ажыратылған.

Жәми 450 адам мийнет етип атырған жәмәәтте жумысшыларды социаллық қорғаў бағдарында бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Мийнет алдыңғыларына кәрхананың кәсиплик аўқамы тәрепинен санаторий ҳәм дем алыў орынларына жеңилликли жолламалар берилип, ветеранлардың ҳал-жағдайларынан хабар алынып турылады. Жумысшы-хызметкерлердиң мийнет етиўине ҳәм дем алыўына қолайлы шараятларды жаратыў, олардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў ушын ҳәр жылы Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа қалаларына саяхатлар шөлкемлестирилмекте. Жәмәәт ағзаларының жасаў шараятларын жақсылаў мақсетинде өткен жыллары 9 адам үлги жойбарлар бойынша қурылып атырған турақ жай менен тәмийинленип, олардың дәслепки төлеми кәрхана тәрепинен төлеп берилди.

Майыплығы болған шахслардың турмыс сапасы менен дәрежесин арттырыў бағдарында Нөкис қаласынан Айпарша Алланазарова ҳәм Тақыятас районынан Таваккал Мухамедовлардың бәнтлиги тәмийинленип, кәрхана менен шәртнама тийкарында жумыс алып бармақта. Оларға тийисли қайырқомлық жәрдем көрсетилип келинбекте.

Бундай илажлардың әмелге асырылыўы, жумысшылардың руўхын көтериў менен бир қатарда, мийнет етиўге болған интасының еле де арттырыўына хызмет етпекте. Биринши смена мастери Ержан Умирзақов, үскене оңлаўшы Арысланбек Қәлимбетов, үшинши сменадан мамық пресслеўши Мажид Тайров, тай тигиўши Шарипа Жумабаева, оңлаў бөлиминен Полат Медеўбаев, бас лаборант Светлана Сапарбаевалар жигерли мийнети менен кәсиплеслерине үлги болып келмекте.

Акционерлик жәмийети басшыларының атап өткениндей, быйылғы жылы кәрхана Қытай технологиясы тийкарында ислейтуғын еки дана пресслеў үскенесин алып келип орнатыў режелестирилмекте. Бул үскенелердиң орнатылыўы, электр энергиясын үнемлеў имканиятын берсе, екиншиден жумыс өнимдарлығының артыўына өзиниң унамлы тәсирин тийгизеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.