Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «2017-2021-жылларда аўыллық жерлерде жаңаланған үлги жойбарлар бойынша арзан турақ жайлар қурыў бағдарламасы ҳаққында»ғы қарары тийкарында Қараөзек районы, «Қутлы мәкан» мәкан пуқаралар жыйынындағы Ғәрезсизлик көшеси бойынан сметалық баҳасы 1 миллиард 284 миллион 621 мың cум болған үлги жойбар тийкарында еки қабатлы, 16 квартиралы, 2-3 бөлмели арзан турақ жайлар жаңа жыл байрамы алдынан өз ийелерине салтанатлы жағдайда пайдаланыўға тапсырылды.

Имарат әтирапларында социаллық инфраструктураны жақсылаў бойынша да көлемли жумыслар исленди. Атап айтқанда, бул жерде республикалық жол қоры есабынан сметалық баҳасы 110,1 миллион сум болған 241 метр узынлықтағы ишки жол қурылысы, сондай-ақ, 21,3 миллион сум болған 104 метр узынлықтағы сыртқы ишимлик суў тармақларын қурыў жумыслары алып барылды. Қуўатлылығы 160 кВа болған жаңадан бир дана трансформатор пункти қурылып, 0,4 кВ лық электр кабельлерин тартыў жумыслары әмелге асырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги