Шавкат Мирзиёев: ҳар бир тизимдаги ўзгаришларни жойларда одамлар сезиши керак

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 2018-жыл 3-январь күни Министрлер Кабинети комплекслериниң жумысын талқылаў ҳәм жаңа тийкарғы ўазыйпаларды белгилеўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Мәжилисте Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Президенттиң мәмлекетлик кеңесгөйлери, министрликлер, ведомстволар ҳәм хожалық бирлеспелери басшылары қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 27-ноябрьдеги «Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети жумысын жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық ҳүкимет аппараты қайта қәлиплестирилди. Соның ишинде, Министрлер Кабинетиниң структурасында Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, экология, қоршаған орталықты қорғаў, физикалық тәрбия ҳәм спорт мәселелери комплекси және Инвестициялар, инновациялық раўажландырыў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналары жумысын муўапықластырыў, туризм мәселелери комплекси шөлкемлестирилди.

Мәжилисте усы еки комплекстиң өткен дәўирдеги жумысы талқыланып, 2018-жылға мөлшерленген режелер менен тийкарғы ўазыйпалары додаланды.

Президентимиз күн тәртибиндеги мәселеге сын көз-қарастан қатнас жасап, көпшилик шөлкемлер өз жумысын заман талаплары дәрежесинде шөлкемлестире алмай атырғанын, қабыл етилген қарарлар менен бағдарламаларды орынлаўда төмен дәрежеге жол қойып атырғанын атап өтти.

Елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды, атқарыўшы уйымлар жумысындағы өзгерислерди орынларда адамлар сезиўи керек. Бул ушын төменги буўындағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, әпиўайы адамлардың дәрти ҳәм тәшўиши менен жасаў барлық басшы ҳәм жуўапкер адамлардың жумысындағы тийкарғы өлшемге айланыўы зәрүр, деди Шавкат Мирзиёев.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске мүрәжаты заманагөй мәмлекетшилигимизде үлкен өзгерис жасаған тарийхый ўақыя болды. Онда 2017-жылда әмелге асырылған тийкарғы жумыслардың жуўмағы менен бирге, елимизди ҳәр тәреплеме раўажланлырыўға қаратылған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди.

Мәжилисте Мүрәжаттан келип шыққан ҳалда, Министрлер Кабинетиниң комплекслери, министрликлер менен ведомстволардың алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар туўралы сөз болды. Әмелге асырылған жумыслар ҳәм келешектеги режелер бойынша жуўапкер адамлардың мәлимлемелери тыңланды.

Мектепке шекемги билимлендириў системасын раўажландырыў, мектеп билимлендириўиниң сапасын арттырыў, тест сынақлары ҳәм жоқары оқыў орынлары жумысын жетилистириў, спортшыларды алдағы жарысларға таярлаў бағдарындағы жумысларға итибар қаратылды. Денсаўлықты сақлаў системасын жақсылаў, фармацевтика өнимлерин ислеп шығарыўды кеңейтиў, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаўға байланыслы ўазыйпаларға тоқтап өтилди.

Мәжилисте экономикалық сала ҳәм тармақлардың турақлы раўажланыўын тәмийинлеў, соның ишинде, қатаң ақша-валюта сиясатын жүргизиў, еркин экономикалық ҳәм киши санаат зоналарының жумысын күшейтиў, шет ел инвестицияларын кеңнен тартыў, заманагөй санаат кәрханаларын қурыў. жаңа жумыс орынларын жаратыў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиў сыяқлы мәселелер де ҳәр тәреплеме додаланды.

ӨзА