Италиялы исбилермен Джанни Сфоджа Қарақалпақстанда өсирилетуғын қара маллардың сүти ҳаққында

Джанни Сфоджа “Панамилк” карханасында

Пүткил дүньяға аты белгили италиялы сыр таярлаўшы, “Сфоджатеккомпаниясының президенти Джанни Сфоджа 2017-жылы март айында Қарақалпақстанға еткен сапары даўамында Нөкис қаласындағы сүт өнимлерин қайта ислеўши «Панамилк» кәрханасында жергиликли қәнигелерге сыр таярлаўдың заманагөй усылларын үйреткен еди.

– Сыр таярлаў сырларын үйретиў пайытында Джанни Сфоджа фермамызда өсирилип атырған қара маллардың сүтиниң дәмин татып, «Егер менде усындай сүт беретуғын сыйырлар болғанда, пүткил дүньяны сыр менен тәмийинлеген болар едим» деп таңлайын қағып, басын шайқады, – дейди «Панамилк» кәрханасының баслығы Тимур Панаев, усы өндирис орнына пресс-тур шөлкемлестирген ҚМУ Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлерине.

Тимур Панаев Сфоджатек сертификатын алды

Студентлер бул ҳәдийсеге қызықсынып себебин сорады.

Усы кәрхананың агроэкономист қәнигеси Алишер Қурбанов бул сораўға былайынша жуўап берди: «Қарақалпақстан диярының суўы да, жери де дузлы, минералға тойынған. Демек, биз жетистирген дәнли өсимликлердиң дузлы болыўы да тәбийғый, ең баслысы өним калориялы болып жетилиседи. Италиялы сыр таярлаўшы исбилермен Қарақалпақстанда өсирилетуғын қара маллардың сүти айрықша екенлигин тән алыўының мәниси усы. Биздеги маллардың тек сүти ғана емес, ал гөши де айрықша мазалы келеди.

Биз Германиядан қара малларды алып келгенимизде олардың Қарақалпақстанның ықлым шараятына ийкемлесиўи ҳаққында бираз бас қатырдық ҳәм оларды дәнли өсимликлер менен бағыўды мақул деп таптық, нәтийжеде бүгин 60 малдың бас саны 100 ге жетти. Биз енди оларды жергиликли нәсилли маллар менен шатыстырып жаңа нәсил жаратыўға итибар қаратпақтамыз.»

Еслетип өтемиз, Президент Ш.Мирзиёев жақында Қарақалпақстанға сапары даўамында А.Қурбанов пенен ушырасып, оның менен нәсилли мал шарўашылығын раўажландырыў бойынша пикирлесип, оған «Каптива» автомашинасын саўға еткен еди. А.Қурбанов агроэкономика қәнигелиги бойынша ҚМУда бакалавр бағдарында оқыған. Соң билимин жетилистириў мақсетинде Германияда тәлим алған ҳәм бираз ўақыт сол жақта өз қәнигелиги бойынша жумыс ислеп, тәжирийбе топлап елге қайтқан.

Алишер Қурбановтың бир мақсети пресс-тур қатнасыўшыларына айрықша унады: «Биз Қарақалпақстанда мал шарўашылығын раўажландырамыз ҳәм Өзбекистанда ең үлгили фермерлик хожалық жаратамыз!»

«Панамилк» кәрханасы Австриядан және заанен нәсилли 300 бас ешки де  алып келген.

Тимур Панаевтың мәлим етиўинше, ешки сүти адам организми ушын оғада пайдалы ҳәм пүткил дүнья жүзи тәжирийбесинде сыр ешки сүтинен таярланады.

Ешки сүтинен сыр таярлаў кәрхананың алдағы турған ўазыйпасы. Соның ушын жас исбилермен Т.Панаев дүньяның ең белгили сыр таярлаўшысы Джанни Сфоджаны Қарақалпақстанға жеке өзи мирәт еткен еди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Журналистика тәлим бағдарының 4-курс студентлери пресс-тур даўамында усындай қызықлы фактлер менен таныс болып барды. Оларды және бир таңландырған нәрсе «Панамилк» кәрханасына сүт өнимлерин жеткерип турған «Панаев Фармс» фермерлик хожалығында өсирилип атырған саўын сыйырлар классикалық музыка сести астында саўылады екен. Бул ҳаққында кейинги мақаламызда толығырақ мағлыўмат беремиз.

Сайтымызды бақлап барың.

 

А.Ажимуратов

ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги