Ҳәр жылы 27-июнь сәнесин  баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң кәсиплик байрамы сыпатында кеңнен белгилеў дәстүрге айланған.

Быйыл да елимиздиң барлық орынларында ҳәр жылғыдай усы сәнеге байланыслы көплеген илажлар, жарыслар, дөретиўшилик ушырасыўлар өткерилди. Быйылғы кәсиплик байрамның Мүбәрек Рамазан айы күнлерине туўра келиўи байрамға басқаша руўҳ енгизди. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўында баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары мәкемлери басламасы  менен усы жыл 23-июнь күни кәсиплик байрамға байланыслы Нөкис полиграфкомбинаты имараты жанында арзанлатылған баҳадағы ярмарка өткерилген болса, 24-июнь күни пайтахтымыздағы Әмир Темур дем алыў бағында «Қаламызды абат етейик!» сүрени астында экологиялық акция шөлкемлестирилди. Экологиялық акцияға тараў хызметкерлери белсене қатнасып, әтирапты шығындылардан, жабайы шөплерден тазалаў, терек түплериниң дөгерегин жумсартыў, суў қуйыў жумыслары менен шуғылланды.

Усы күни жәмлескенлик үлгисин көрсеткен тараў хызметкерлери салада узақ жыллар жемисли мийнет еткен марҳум инсанлардың қәбирин зыярат етип, олардың руўҳына қуран оқып, қәбири әтирапларын абаданластырды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың