2017-жыл 22-июнь күни саат 10:20 да Қазақстан Республикасы Ақтөбе ўәлаятының Айтекебий районындағы Қарабутақ посёлкасынан 20 километр аралықта Самара – Чимкент автомобиль жолының 946-километринде Волгоград (Россия) – Чимкент (Қазақстан) жөнелиси бойлап ҳәрекетленип атырған еки қабатлы «Мерседес» маркалы автобус (мәмлекетлик белгиси Н 011 LММ) аўдарылып кеткен. Автобуста жәми  52 адам – 50 Өзбекистан пуқарасы ҳәм 2 Қазақстан пуқарасы болған.

Усы жол-транспорт ҳәдийсеси ақыбетинде 9 адам (барлығы Өзбекистан пуқарасы) қайтыс болған, 18 адам жарақатланған (17 адам Өзбекистан пуқарасы, олардан 5 адамы Ақтөбе ўәлаятының Айтекебий районы орайлық емлеўханасына жатқарылған).

Өзбекистан Рсеупбликасы айрықша жағдайлар министрлиги жәбирленгенлердиң жағдайына ҳәм усы ҳәдийсеге байланыслы басқа да мәселелер ҳаққында мағлыўмат алыў ушын туўрыдан-туўры телефон байланысын шөлкемлестирди. Қайтыс болғанлардың денесин Өзбекистан Республикасына алып келиў ушын Ақтөбе қаласына арнаўлы самолёт жиберилген.

Өзбекистан Республикасы басшылығы қайтыс болғанлардың шаңарақ ағзаларына ҳәм жақынларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.

ӨзА