Жаңа жыл байрамы қарсаңында Нөкисте әскерий хызметкерлерге 36 квартиралы 2 турақ жай пайдаланыўға тапсырылды. Бундай ийгиликли ислер алдағы ўақытлары да даўам еттирилип, тағы 36 квартиралы 2 турақ жайды бериў режелестирилген.

Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Қорғаныў министрлиги ҳәм орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары жумысының нәтийжелилигин арттырыў, жасларды әскерий-Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў және елимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеўдеги олардың жуўапкершилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеўге бағышланған мәжилис болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы Қорғаныў министри А.Азизов, Өзбекистан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Махмудов, Арқа-Батыс әскерий округиниң баслығы Ф.Ортиқов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, ҳүрметли Президентимиз, Қураллы Күшлердиң Жоқары Бас сәркардасы Шавкат Миромонович Мирзиёев басшылығында халқымыздың тынышлығын ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў, миллий армиямыздың қорғаныў қудиретин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға тоқтап өтти.

Президентимиздиң жоқарыда атап өтилген пәрманына муўапық, ҳәр бир аймақта әскерий-ҳәкимшилик сектор шөлкемлестирилген болып, оларға басшылық етиў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының басшыларына жүкленбекте. Сектор ағзалары жумысының тийкарғы бағдары, аймақлық мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыўы уйымлары менен биргеликте Қураллы Күшлердиң бирлеспелери, әскерий бөлим ҳәм мәкемелери арасындағы өз-ара бирге ислесиўди жолға қойыў,  олардағы турмыслық, жаўынгерлик ҳәм руўхый-ағартыўшылық таярлық барысындағы ушырасып атырған машқалаларды шешиў, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлердиң пенсионерлери, мүддетли әскерий хызметин атқарып келген пуқаралар ушын жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша комплексли илажларды әмелге асырыў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеўде  әмелий жәрдем көрсетиў болып табылады. Ҳәр айда әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары тығыз жасайтуғын  орынларға шығып, жасаў шараятларын үйрениў, орынларда турақ жай коммуналлық хызметлер, соның ишинде электр энергиясы, ишимлик суўы ҳәм жылытыў тәмийнаты, транспорт қатнаўы мәселелери, арзан турақ жайлар қурылысы, аймақларды абаданластырыў және көклемзарластырыў, үлгили мәҳәллелерди шөлкемлестириў бойынша әскерий-ҳәкимшилик секторларға усыныс киргизиў болып табылады. Жасларды Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, оларда елимиздиң тәғдири ушын жуўапкершилик сезимлерин қәлиплестириў, әскерий миннетин атқарып келген  жаслар менен байланысларды еле де беккемлеў, Қорғаныў ислери басқармалары, оның аймақлық бөлимлериниң, орынлардағы шақырыў комиссияларының, оқыў орынларының инфраструктурасын, олардың материаллық-техникалық базасын раўажландырыў илажларын көриўдей әҳмийетли ўазыйпалар жүкленбекте.

Арқа-Батыс әскерий округи Әскерий кеңесиниң 2017-жыл 29-декабрьдеги қарары менен республикамыз аймағында әскерий-ҳәкимшилик сектор шөлкемлестирилип,  оның қурамы тастыйықланды.

Илажда әскерий-ҳәкимшилик сектор ағзаларының функционаллық  ўазыйпалары,  2018-2022 жылларға белгиленген әмелий Ҳәрекетлер стратегиясы режеси бойынша кең түрде түсиник берилди ҳәм ўазыйпалар белгиленди.

ххх

Президентимиздиң жоқарыда келтирип өтилген пәрманында Ҳаял-қызлар комитети, Өзбекистан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси, Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңес, қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми, «Нураний», «Саламат әўлад ушын» қорлары, республикалық руўхый-үгит-нәсият орайы  менен биргеликте орынларда тәрбиялық-сиясий жумысларды буннан былай да күшейтиўге байланыслы илажларды турақлы түрде өткерип барыў белгиленген.

Пайтахтымызда Ашық театрда «Армия ҳәм халық, бир тән ҳәм бир жан» темасында әскерий жаслар фестивалы болып өтти.

Ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, жыйналғанларды  Жаңа жыл байрамы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен қутлықлады.

Шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, илажды өткериўдеги мақсет жас әўладты Ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, миллий армиямыздың қорғаныў қудиретин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды кең жәмийетшиликке, соның ишинде жасларымызға жақыннан таныстырыў, олардың әскерий хызметке болған қызығыўшылығын арттырыўдан ибарат.

Фестиваль қатнасыўшылары заманагөй қурал-жарақлар ҳәм техникалар, әскерий хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Әскерлердиң көргизбели шығыўлары қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

Илаж республикамыз көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Әскерий жаслар фестивалына Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.