Усы жылдың 27-декабрь күни Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты қоллап-қуўатлаўы менен усы университеттиң журналистика тәлим бағдары 4-курс студентлери Нөкис қаласында жайласқан “Нукус полимер”, “Панамилк”, «Самсунг-Нукус» өндирис кәрханаларына ҳәм Олимпия ҳәм миллий спорт түрлерине қәнигелестирилген республика жоқары спорт шеберлик мектебине пресс-тур шөлкемлестирди.

Пресс-турдың биринши мәнзили тәбийғый газ өнимлерин терең қайта ислеў технологиясы тийкарында полимер өнимлерин ислеп шығаратуғын Орайлық Азиядағы ең ири өндирис орны – “Нукус полимер” кәрханасы болды.

1,88 гектар майданға ийе болған бул кәрхана өзиниң биринши өнимин 2017-жылдың 24-июль күни шығарған еди. Жылына 8000 тонна полиэтилен ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе кәрханада 16 мм.ден 630 мм.ге шекемги диаметрдеги трубалар және қадақлаў өнимлери ислеп шығарылады. 100 ден аслам адам жумыс пенен тәмийнленген болып, олардың 70 процентин жаслар қурайды.

Қытайдың “Лиансу” компаниясынан алып келинген технологиялар менен тәмийнленген “Нукус полимер” кәрханасы жәҳән стандартларына толық жуўап бериўши өнимлер ислеп шығармақта.

Келеси жылы кәрхана өнимлери қоңсы Түркменстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Қазақстан ҳәм Аўғанстан мәмлекетлерине экспорт етилиўи нәзерде тутылған. Сондай-ақ, 2018-жылдың май-июнь айларында қалта, полиэтилен пакетлер ислеп шығарылыўы режелестирилген.

Газ ҳәм суўға арналған жоқары сапалы трубалар ислеп шығарыўшы бул кәрхананың және бир әҳмийетли тәрепи бунда шығындыларға екинши өмир бериледи, яғный өним ислеп шығарыў процесинде жарамсыз деп табылған шығындылар қайта исленип, арнаўлы үскенелерде унтақланады ҳәм пайдаға асырыў ушын таяр шийки өнимге айландырылады. Демек кәрханада ҳешқандай жарамсыз шығынды шықпайды. Бул дегени экология, қоршаған орталықты қорғаў мәселелеринде де әҳмийети жоқары екенлигин аңлатады.

Мағлыўмат ушын соны айтып өтиў керек, бул пресс-тур Қарақалпақстанда биринши рет шөлкемлестирилди. Бул жаңалықты Қарақалпақ журналистикасында және бир алға илгирилеў болды, десек қәтелеспеген боламыз.

А.Ажимуратов

ҚМУ Журналистика тәлим бағдары 4-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Телеграмдағы каналымызға ағза болыӊ