Пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ҳәм «Халықлар дослығы» майданында «Президент аршасы» атамасындағы дәстүрий байрам илажы өткерилип, республикамыздағы улыўма орта ҳәм қәнигелестирилген мектеплерде, мектеп-интернатларда оқып атырған 99 жетим балаға, «Меҳрибанлық үйи»ниң 144 тәрбияланыўшысына, елимиздиң тынышлығы жолында қурбан болған Ишки ислер бөлими, Қорғаныў, Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм Миллий қәўипсизлик хызмети хызметкерлериниң перзентлерине жәми 638 балаға Президент саўғалары тапсырылды.

«Халықлар дослығы» майданында өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов қатнасты.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы