Жақында Ташкент қаласындағы «Шолпан» баспасынан «Өзбек балалар әдебиятының антологиясы» китабының еки томлығы басылып шықты.

Филология илимлериниң докторы, профессор С.Матжан ҳәм филология илимлериниң кандидаты Р.Баракаевтың алғы сөзлеринде жазылғанындай, балалар әдебияты, турмыстың өзи сыяқлы әзелий әдебият болып, ол ана ҳәййиўинен басланып, халық аўыз-еки дөретиўшилигинде жаңылтпашлар, жумбақлар, ойын қосықларынан баслап ертеклерге шекемги бир қатар жанрларда көзге тасланады. Негизинде, олардың бәршеси өсип киятырған жас әўладтың руўхый камалаты ушын хызмет етеди.

Балалар әдебияты айырымлардың ойлағанындай, қолына қәлем алған ҳәр қандай адам жазып таслай беретуғын әпиўайы нәрсе болып түйилсе де, ҳақыйқатында ол көркем дөретиўшиликтиң нәзик және қыйын түринен есапланады. Сонлықтанда «балаларға арнап шығарма жазыў ушын балалар жазыўшысы болып туўылыў керек»,-деген гәп бийкарға айтылмаған.

Китапта А.Авлоний, Ҳ.Ҳәкимзада, Қ.Мухамадий, П.Мўмин, Е.Вахидов, А.Орипов, М.Али,  А.Обиджан, А.Полатов ҳәм басқа да белгили шайырлардың қосықлары, Ғ.Ғулам, Айбек, Ҳ.Нәзир, Х. Тоқтабаев,Ш.Халмурзаев, Н.Нарқобилов, Ш.Ботаев сыяқлы басқа да жазыўшылардың балаларға арналған сайланды шығармалары орын алған. Еки томлықта белгили қарақалпақ балалар жазыўшы-шайырларынан Х.Сапаровтың «Қанатлы пышық», «Әнар», «Сағындым», «Сораўларға жуўаплар» қосықлары, С.Баҳадырованың «Тумарис» повестинен үзинди, Ж.Өтениязовтың «Қызыл суў», «Жайын», «Бекбосын балықшы», «Австралия» гүрриңлери берилгенлигин айрықша атап өтиў керек.

-Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-январьдағы «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында»ғы бийлиги шеңберинде мәпдар шөлкемлер тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта,-дейди Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы жанындағы балалар әдебияты Кеңесиниң баслығы Яқыпбай Әжимов.- Бул еки томлықтың басылып шығыўы усы илажлардың жемиси десек болады. Келешекте «Қарақалпақ балалар әдебиятының антологиясы» китабы шығарылса мақсетке муўапық болар еди.

Ҳақыйқатында да, «Өзбек балалар әдебиятының антологиясы» халқымызға, соның ишинде, жас китапқумарларға, әдебият изертлеўшилерине әжайып жаңа жыл саўғасы болды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.