Елимизге Жаңа жыл байрамы жақынласқаннан, дерлик барлық орынларда жыл даўамында ерисилген жетискенликлер, келеси жылдағы режелер туўралы  мәжилис өткерилип, «Жаңа жыл» саўғаларын тапсырыў әдетке айланып үлгерген.

Мине, усындай илажлардың бири 28-декабрь күни Республикалық спорттың жеке гүрес түри бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде өткерилди.

Онда спорт мектебиниң директоры А.Алланазаров шығып сөйлеп, 2017-жылда әмелге-асырылған жумыслар, ерисилген табыслар ҳәм келешектеги ўазыйпаларға кең түрде тоқтап өтти.

Соң усы мектептиң халықаралық жарысларда сыйлы орын ийелеген спортшылары, спортшыларды таярлаўда жемисли мийнет еткен тренерлери ҳәм нураный устаз- тренерлерге  мектеп жәмәәти тәрепинен таярланған спорт формалары ҳәм байрам саўғалары тапсырылды.

– Бүгинги күни мектебимизде жоқары категориядағы ҳәм мәмлекетлик атақларға ийе 66 тренер-оқытыўшы болып, олар 1324 жас өспиримге  спорттың 12 түри бойынша оқыў-шынығыў жумысларын алып барылмақта,-дейди мектеп директоры А.Алланазаров. Спорт мектебиниң сайланды командасы ағзалары жыл даўамында Өзбекистан чемпионаты ҳәм кубок жарысларында 71 мәрте биринши, 42 мәрте екинши 62 мәрте үшинши орынды, жәми  175 медаль, халықаралық турнирде 10 рет биринши, 14 рет  екинши, 24 рет  үшинши орынды,  жәми 48 медаль, Жәҳән ҳәм Азия чемпионатында  2 мәрте биринши, 3 рет екинши, 5 мәрте үшиниши орынды, жәми  10 медаль алып, улыўма 83 алтын, 59 қола,  91 гүмис, жәми  233 медальды қолға киргизиўге еристи.

Келеси  2018-жылдан да спортшылардан күтер үмитлеримиз көп.

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы