Жақында, республикамыздың қалалық ҳәм районлық бәнтликке көмеклесиў орайларына ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларда пайдаланыў ушын «ДАМАС» маркалы автомашиналар тапсырылды.

Бул автомашиналар жәмийетлик жумысларға тартылған жумыссыз пуқараларды кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген жумыс орынларына алып барыў, оларды зәрүр жумыс қураллары менен тәмийинлеў, жумыс бериўшиге ижараға берилетуғын әсбап-үскенелерди жеткерип бериў ушын пайдаланылады.

Илажда шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы Қарары ҳәм Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл              5-октябрьдеги «Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қоры жумысын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тийисли қарар қабыл етилип, бир қатар илажлар әмелге асырылды.

Атап айтқанда, усы күнге шекем сынақ тәризинде республикамыздың Хожели районында еки ай даўамында 26 өзин-өзи басқарыў уйымлары және  3  коммерциялық кәрханалардың буйыртпалары тийкарында жумыссыз      1606 пуқара ўақтынша жумыс пенен тәмийинленди. Соннан, 1513 пуқара район аймағындағы абаданластырыў, 3 пуқара майыплығы бар, кексе ҳәм наўқас пуқараларға қараў, 47 пуқара санаат ҳәм хызмет көрсетиў тараўындағы кәрханалардың жумысларына, 41 пуқара болса жаңа объектлерди қурыў, ири оңлаў ҳәм оңлаў жумысларына тартылып, оларға       1 миллиард 600 миллион сум муғдарындағы мийнет ҳақылары төлеп берилди.

Жәмийетлик жумысларға тартылған пуқаралардың 611 и кем тәмийинленген шаңарақлар болып, олар ушын ноябрь-декабрь айларында 645,2 миллион сум мийнет ҳақы төленип, кем тәмийинленгенлер қатарынан шығарылды.

Ҳүкиметимиздиң бул қарары жәмийетимиздеги жумыссызлық машқаласын шешиў менен бирге, кем тәмийинленген шаңарақларды материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлайды, дәраматларының артыўына хызмет етеди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.