Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 12-сентябрьдеги «Халықтың кем тәмийинленген қатламларын қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарын орынлаў бойынша кәсиплик аўқамлары тәрепинен республикамыздың барлық аймақлары менен районларында кем тәмийинленген шаңарақлардың социаллық-турмыслық жағдайы үйренилип, турақ жай ҳәм турмыслық техника менен тәмийинлеў, жасап атырған үйлерин оңлаў, медициналық хызмет көрсетиў бағдарында әмелий жәрдемге мүтәж шаңарақлар анықланды.

Усы категориядағы шаңарақлардың дизими жергиликли ҳәкимликлер, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен тастыйықланып, быйылғы ҳәм келеси жылларда халықтың кем тәмийинленген қатламларына бийғәрез жәрдем көрсетиў бойынша аймақлық мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды. Бүгинги күнде усы бағдарламаға муўапық республикамыз бойынша 2 мың 64 шаңараққа мәнзилли жәрдем көрсетиў, атап айтқанда 32 шаңарақты турақ жай менен тәмийинлеў, 160 шаңарақтың жасап турған үйлерин оңлап бериў, 96 шаңарақтағы медициналық жәрдемге мүтәж ағзаларының саламатлығын тиклеў ҳәм 1776 шаңараққа турмыслық техника үскенелерин тапсырыў жумыслары әмелге асырылмақта.

Мине, усындай қайырлы илажлардың бири республикамыздың Шоманай районында өткерилди. Республикалық кәсиплик аўқамлары ўәкиллери райондағы «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы Смайлова Ғәзийнеханның шаңарағында болып, оған саламатлығын беккемлеў ушын дәри-дәрмақ алыўға, «Бегжап» аўыл пуқаралар жыйыны турғыны, жети жасар Назокат Атабаеваға туўма жүрек кеселлигин операция жолы менен емлеўге арнаўлы сертификатлар тапсырылды.

– Елимизде быйылғы жылы мисли көрилмеген өзгерислер ҳәм жаңалықлар жүз бермекте. Бәршемиз Президентимиз тәрепинен инсан мәплери жолында алып барылып атырған кең көлемли реформалардың гүўасы болмақтамыз, – дейди Н.Атабаеваның әкеси Саламат Әжиев. – Бизлер сыяқлы итибарға мүтәж инсанларға көрсетип атырған ғамқорлығы ушын Елбасшымызға шексиз миннетдарман. Бүгинги көрсетилип атырған қайыр-сақаўат илажынан кеўлим әдеўир көтерилди. Себеби, мен ушын көптен берли мүшкил болып киятырған машқала бир майданда өз шешимин тапты. Шаңарағымыз бенен қуўанысып қалдық.

Ҳақыйқатында да, Президентимиздиң басламалары менен бүгин елимиз көлеминде халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларына көрсетилип атырған итибар ҳәм оның әмелий нәтийжесинен әпиўайы пуқаралар, алыс аймақларда жасап атырған шаңарақлар үлкен қуўанышларға бөленбекте. Кәсиплик аўқамлары да бул илажда белсене қатнасып, көрсетилип атырған әмелий жәрдемлердиң ең алыс аўыллар менен районларда жасап атырған шаңарақларға мәнзилли жәрдемлердиң жеткерилип берилиўин тәмийинлемекте. Усы категориядағы шаңарақлардың мүтәжликлеринен келип шығып, социаллық-турмыслық шараятлардың сапасын арттырыў, Елбасшымыздың атап өткениндей, олардың ертең емес, ал бүгин жақсы жасаўын тәмийинлеў жумысларына мүнәсип үлес қоспақта.

– Усы қайырлы ислердиң дәслепки басқышында саламатлығын беккемлеўде жәрдемге мүтәж инсанларға әмелий жәрдем көрсетилип атырған болса, ендиги гезекте мүтәж шаңарақларды күнделикли турмысында зәрүр болған турмыслық техника буйымлары менен тәмийинлеў ислерин баслап жибердик, – дейди Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Республикалық Кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңесиниң шөлкемлестириў ислери бөлиминиң менгериўшиси Гулнара Илмурадова.  – Буннан кейинги басқышларда да кем тәмийнленген шаңарақлардың турақ жайға болған талабын қанаатландырыў, турақ жайларын оңлаў жумысларын еле даўам еттиремиз.

Мәмлекетимиз тәрепинен көрсетилип атырған усындай дыққат-итибардан республикамыздың алыс аймақлары менен аўылларында жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж инсанлардың кеўиллери толып-тасып, елимиздиң ҳәр бир пуқарасы мәмлекетимиз ҳәм ҳүкиметимиздиң турақлы итибарында екенлигин терең сезинбекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги