Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2017-жыл 26-декабрь күни Москва қаласында болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң рәсмий емес ушырасыўында қатнасты.

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти Ново-Огарёво резиденциясында Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин күтип алды.

Сүўретке түсиў мәресиминен соң ҒМДА мәмлекет басшыларының ушырасыўы басланды.

Владимир Путин мәмлекет басшыларын сапар етип келгени менен қутлықлап, Россияның ҒМДАға басшылығының жуўмақларына тоқтап өтти. Быйылғы жылы өз-ара интеграцияны беккемлеў ҳәм шөлкемниң абыройын арттырыў бойынша әҳмийетли жумыслар әмелге асырылғанын атап өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев усы жылы Өзбекистанның ҒМДА еллери менен бирге ислесиўи және де беккемленип, товар алмасыўдың көлеми сезилерли артқанын атап өтти. Өз-ара пайдалы бирге ислесиў ағза мәмлекетлерди байланыстырып туратуғынын, усы ушырасыў байланысларға жаңа пәт ендиретуғынын атап өтти.

2018-жылы Россияда болатуғын ўақыялар үлкен әҳмийетке ийе екени, Президент сайлаўында Россия халқы мүнәсип талабанға даўыс беретуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда Дослық Аўқамы мәмлекетлери арасында ҳәр қыйлы тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў, қәўипсизликти беккемлеў, регионда қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мәселелерине итибар қаратылды.

Өзбекистан ҒМДА шеңбериндеги бирге ислесиўде белсене қатнасып киятырғаны белгили. Елимиздиң усы шөлкемге ағза мәмлекетлер менен ҳәр қыйлы тараўлардағы байланыслары избе-из раўажланбақта. Президентимиз усы жыл 10-11-октябрь күнлери Сочи қаласында болып өткен ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесиниң мәжилисинде қатнасты. 3-ноябрь күни пайтахтымызда Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилиси өткерилди.

Өзбекистан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске Мүрәжатында мәмлекетимиздиң сыртқы сиясатындағы үстинликлер де атап өтилди. Елимиз, соның ишинде, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы менен байланысларды жаңа басқышта даўам еттирип атырғаны атап өтилди. «Өзбекистанның сыртқы сиясатында Орайлық Азия – бас тийкарғы бағдар» принципи тийкарында қоңсы мәмлекетлер менен қатнасықлар беккемленди. Бул Дослық Аўқамы шеңбериндеги байланыслардың раўажланыўында да үлкен әҳмийетке ийе.

Ушырасыўда тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелер бойынша пикир алысылды.

ӨзА