Қарақалпақстан халық шайыры Гүлистан Матякубованың авторлығында «Гүлайым» опералық либреттосы китап болып баспадан шықты.

Қурбанбай жыраўдан жазып алынған, «Қырқ қыз» дәстаны тийкарында жазылған 3  актли, 6 пердели бул либреттода XVI әсирдиң ақыры XVII әсирдиң басларындағы ўақыялар сәўлелендириледи. Шығармада Гүлайым ҳәм Арыслан ҳәм олардың дослары ўатан қорғаўшысы сыпатында майданға келеди, қуллыққа қарсы бас көтерип, халқын душпанлардан қорғайды.  Китапта қарақалпақ халқының кеңпейиллиги, мийнеткешлиги, миймандослығы  Аллаяр, Арыслан, Алтынай, Гүлайым  ҳәм қырқ қыздың образларында сәўлеленеди.

Китаптағы сүўретлер, иллюстрациялар Қарақалпақстан Республикасына мийнети синген мәденият хызметкери, белгили сүўретши Сахий Жанахметов қәлемине тийисли.

500 нусқада басып шығарылған китапты өзбек, қарақалпақ, орыс ҳәм инглис тиллеринде оқыў мүмкин.

Китап қарақалпақ халқының бай өтмиши, мәденияты менен әдебияты ҳаққында көплеген мағлыўматлар беретуғын бийбаҳа мийнет болып есапланады.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы