Тадбиркорликни ривожлантириш, имкониятлардан тўла фойдаланиш халқимиз фаровонлигини янада юксалтиришга хизмат қилади

Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда социаллық-экономикалық реформалардың барысы, әмелге асырылып атырған дөретиўшилик ҳәм абаданластырыў жумыслары, жаңа жойбарлар менен танысыў, халық пенен пикирлесиў мақсетинде 22-июнь күни Ферғана ўәлаятына келди.

Ферғана ўәлаяты өзиниң жер асты ҳәм жер үсти байлықлары, раўажланған санаат ҳәм коммуникация тармақлары менен елимиздиң раўажланыўында айрықша орын ийелейди. Быйылғы жылдың биринши шерегинде ўәлаятта жалпы аймақлық өним 6,1 процентке өсти. Санаат өнимлерин ислеп шығарыў, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, қурылыс, хызметлер көрсетиў салаларында турақлы өсиў пәтлери тәмийинленди.

Санаат өниминиң 96 проценттен асламы химия, нефть-химия, жеңил санаат, азық-аўқат санааты, машина қурылысы ҳәм қурылыс материалларын таярлаў сыяқлы заманагөй тармақларда ислеп шығарылмақта. Ферғана нефтьти қайта ислеў заводы, «Фарғонаазот», «Автоойна», Қоқанд механика заводы, «ДЭУ текстиль Фарғона», «Қоқанд Индорама текстиль» сыяқлы ири санаат кәрханалары тек ғана ўәлаятта емес, ал елимиздиң экономикасында айрықша орын ийелейди.

Заманагөй санаат тармақларын раўажландырыў, халықаралық базарда бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығаратуғын жаңа кәрханаларды қурыў ҳәм бар қуўатлықларды модернизациялаў системалы түрде даўам еттирилмекте. Экспорт етиўши кәрханалардың ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик субъектлериниң экспорт жумысына кеңнен тартылып атырғаны нәтийжесинде ўәлаяттың бул бағдардағы потенциалы турақлы артып бармақта.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 12-январьдағы пәрманына тийкарланып шөлкемлестирилип атырған «Қўқон» еркин экономикалық зонасы бул бағдардағы имканиятларды буннан былай да кеңейтеди.

Ўәлаятта киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик жедел раўажланбақта. Бул саланың жалпы аймақлық өнимдеги үлеси 62 процентке, экспорттағы үлеси 58 процентке жеткен. Мийнет пенен бәнт халықтың 81 проценти усы салада мийнет етпекте.

Ўәлаяттың мийнеткеш дийқанлары менен фермерлери аўыл хожалығында үлкен нәтийжелерге ериспекте. Қайта егилген егинлерден, үй қапталы қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланып, қосымша дәрамат таппақта.

Шавкат Мирзиёевтың сайлаўалды бағдарламасында елимиздиң барлық аймақлары сыяқлы Ферғана ўәлаятын да ҳәр тәреплеме раўажландырыў, экономиканы модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, үлкен дөретиўшилик жумысларын әмелге асырыў, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў бағдарында анық режелер менен мақсетлер билдирилген еди.

Мәмлекетимиз басшысы Ферғана пал ҳәррешилик өндирислик оқыў орайында болды.

Елимизде әмелге асырылып атырған избе-из реформалар базарларымыздың молшылығын тәмийинлеў, халыққа сапалы, арзан ҳәм витаминге бай азық-аўқат өнимлерин жеткерип бериўге хызмет етпекте. Пал ҳәррешиликти буннан былай да раўажландырыўға, саладағы алдынғы тәжирийбелерди ғалаба ен жайдырыўға қаратылып атырған айрықша итибар жоқары нәтийжелер бермекте.

Ўәлаят пал ҳәррешилер ассоциациясының жанында шөлкемлестирилген бул өндирислик оқыў орайында барлық шараят жаратылған. Орайда жылына 600 қәниге оқытылады. Заманагөй оқыў реже тийкарында илимпазлар тәрепинен әмелият сабақлары өткериледи.

Шавкат Мирзиёев орайда әмелият өтеп атырған колледж оқыўшылары менен Ферғана пал ҳәррешилиги тарийхы, палдың шыпабағыш қәсийетлери, билимлендириў процесинде алып барылып атырған реформалар ҳаққында сәўбетлести.

Ферғана районындағы технология кәсип-өнер колледжиниң оқыўшылары Батыралы Мавланов ҳәм Дилнавоз Эшматова Президентимизге жасларға жаратылып берилип атырған имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирди.

Ўәлаятта 1000 нан аслам пал ҳәррешилик субъекти дизимге алынған. Ишки базарды арзан, сапалы өним менен тәмийинлеўге қаратылып атырған айрықша итибар шыпабағыш тәбийғый жемис ислеп шығарыўды кеңейтиўде әҳмийетли фактор болмақта.

Орайда илимий-изертлеў лабораториясы, тренинг заллары, китапхана, электрон архив базасы, палды қайта ислеў ҳәм қадақлаў цехы, тигиўшилик, ақ мум-перде, әсбап-үскене ҳәм пал ҳәрресиниң уясын ислеп шығарыў цехлары жумыс алып бармақта. Пал ҳәррешиликте нәсилшилик лабораториясы, дерлик 2 гектар эксперименталь бағ және пал беретуғын өсимликлерди жетистириўге мөлшерленген егислик майданы шөлкемлестирилген.

Ферғана мәмлекетлик университетинде пал ҳәррешилик бойынша қәнигелер таярлаўды жолға қойыў керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Егер усы саланың илимий тийкарлары пуқта үйретилсе, басқа ўәлаятлардан да жаслар оқыўға келеди. Шет еллер менен бирге ислесиўди жолға қойыў, қоспа кәрхана шөлкемлестириў лазым.

40 адамның бәнтлиги тәмийинленген орайда бир жылда 7 мың дана пал уясы, 7 мың  500 дана киши дастық, 3 мың дана арнаўлы кийим ҳәм жүз нықабы ислеп шығарылады.

Бир суткада 200 килограмм ақ мум-перде таярланады. 200 тонна палды қадақлаў цехы ислеп тур. 2016-жылы ўәлаятларға  20 мың дана, шет еллерге 30 мың дана сапалы пал ҳәрресиниң пакетлери жеткерип берилди.

Шавкат Мирзиёев пал ҳәрреси уяларын ҳәм үскенелерин ислеп шығарыў цехында алып барылып атырған жумыс процеси менен танысты.

Усы жерде Халық банки тәрепинен ўәлаятта әмелге асырылатуғын жойбарларды таныстырыў өткерилди.

Қўштепа районында шөлкемлестирилетуғын 2 мың бас қарамал бағыўға мөлшерленген шарўашылық комплекси ҳәм сүтти қайта ислеў жойбары 2018-жылдың үшинши шерегинде толық қуўатлылық пенен иске қосылады. Комплексте 180 адам жумыс пенен тәмийинленеди. Жылына 4 мың тоннадан аслам сүт, 150 тонна гөш қайта исленеди.

«Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы тәрепинен Ферғана ўәлаятында 2017-2021-жылларда жипекшиликти раўажландырыў стратегиясының ислеп шығылғаны мақулланды.

Пиллешиликти буннан былай да раўажландырыў ушын тут плантатцияларын шөлкемлестириў керек.  Салаға заманагөй технологияларды енгизиў, пиллешиликте халықтың турақлы жумыс пенен тәмийинлениўине ерисиў лазым.

Президентимиз Ферғана районындағы «Миндонобод агросаноат» агрофирмасына барып, ўәлаяттың аўыл хожалығын раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар менен танысты.

Елимизде сапалы мийўе-овощ жетистириў ҳәм халықтың усы өнимлерге болған талабын тәмийинлеў, экспорттың потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, жүзим жетистириўди көбейтиў, өнимди экспорт етиў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған перспективалы жойбарлар турмысқа етгизилмекте.

«Миндонобод агросаноат» агрофирмасы жүзимгершиликке қәнигелескен болып, 720 гектарға санаатлық жүзим сортлары егилген. Кәрхана жылына  5 мың тонна өним жетистириў, 3 мың тонна жүзимди бирлемши қайта ислеў, 650 мың дана брикет ислеп шығарыў қуўатлығына ийе. Бул ушын 89 адам турақлы, 300 ден аслам адам мәўсимлик жумысқа тартылған. Жүзимзарларды өсириўде тамшылатып суўғарыў технологиясынан пайдаланылады.

Агрофирма тәрепинен бар жүзимзарларды мың гектарға жеткериў арқалы жылына 15 мың тонна жүзим жетистириў, 1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы өнимди экспортқа бағдарлаў нәзерде тутылмақта. Бул ушын 450 мың жүзим нәли отырғызылып, Қытайдың қуяш энергиясында ислейтуғын суўғарыў системалары орнатылады. Усы жойбар толық иске қосылғаннан соң, 250 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ушын барлық имканиятлардың жаратылғаны, күни кеше жәрияланған «Жергиликли экспорт етиўши шөлкемлерди буннан былай да қоллап-қуўатлаў ҳәм сыртқы экономикалық хызмет жумысын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарар сала ўәкиллериниң жумыс нәтийжелилигин арттырыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Ферғана ўәлаятында исбилерменлик илимин ийелеген талапшаң исбилерменлер көп. Бирақ, адамлар бәрқулла мийнетине жараса дәрамат алмаған. Бул әдалатсызлыққа шек қойыў керек. Жаңа қарар менен жаратылып атырған жеңилликлер олардың ислеп атырған жумысынан пайда көриўиниң артыўына, өзи, шаңарағы ҳәм жәмийет ушын пайда келтириўине, абадан турмысқа ерисиўине хызмет етеди, деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жерде «Ўзвиносаноат холдинг» компаниясы тәрепинен 2017-2018-жылларда Ферғана ўәлаятында әмелге асырылатуғын жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Компания тәрепинен коммерциялық банклер менен биргеликте баҳасы 63 миллиард 256 миллион сумлық 6 жойбарды әмелге асырыў, 200 ге шамалас жумыс орнын жаратыў мөлшерленбекте. Нәтийжеде ўәлаятта бос жатырған жерлерде аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, сақлаў, қайта ислеў бойынша ири қуўатлықлар шөлкемлестириледи, экспорттың көлеми артады.

Қува районындағы «Big agro logistic» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен мийўе-овощты қайта ислеўге, кептириўге, қадақлаўға ҳәм эспорт етиўге мөлшерленген заманагөй логистика орайы шөлкемлестирилмекте.

Жойбардың улыўма баҳасы 7,2 миллион доллар болып, биринши жылы 6,5 миллион доллар, бес жылдан соң 10 миллион доллар муғдарындағы өнимди экспорт етиў мөлшерленбекте. Логистика орайына Италия ҳәм Түркиядан алып келинетуғын технологиялық линиялар орнатылады. 5 мың тонналық музлатқыш, 7 мың тонна мийўе-овощты қайта ислеў қуўатлықлары шөлкемлестириледи. Жойбар иске қосылғаннан соң, 180 жумыс орны жаратылады.

Қоқанд қаласындағы «Elit konserva» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде мийўе-овощты қадақлайтуғын жуқа темирден таярланған ыдысларды ҳәм қақпақларды ислеп шығарыў, Олтиариқ районындағы «Eco export trade» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде аўыл хожалығы өнимлерин таңлап алыўға, кептириўге ҳәм сақлаўға мөлшерленген жойбарлар әмелге асырылмақта. Бул жойбарлар ўәлаяттың экспорт потенциалын буннан былай да арттырыўда, жаңа жумыс орынларын жаратыўда ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Быйыл Қува районындағы «Фарғона анорзори» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде 50 гектарға шамалас жаңа әнар майданы қурылған. Әнар атызларының қатар араларына помидор, қыяр, болгар бурышы ҳәм басқа да шөплер, собықлы егинлер егилген.

Агрофирма тәрепинен келеси жылларда әнар майданларын 2 мың гектарға, зүрәәтлиликти 30 тоннаға жеткериў мөлшерленбекте.

Президентимиз Қува ҳәм Дашнобод әнарының дүньяға белигили екенин, ҳәр еки сорттың өзине жараса қәсийетлериниң бар екенин атап өтти. Әнар шығынсыз өним болып, қабыршағынан химия санаатында рең алыўда, фармацевтикада шийки зат сыпатында пайдаланыў мүмкин. Ўәлаятта әнар майданларын кеңейтиў ҳәм усы өнимниң экспортын көбейтиў бойынша жуўапкер адамларға тийисли усыныслар берилди.

Миллий банк тәрепинен ўәлаятта аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў ҳәм қайта ислеў бойынша әмелге асырылып атырған жойбарлар таныстырылды. Баҳасы 64,4 миллион доллар болған бул жойбарлардан 10 ы Қытай мәмлекетлик раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки, Өзбекистан тиклениў ҳәм раўажланыў қоры тәрепинен қаржыландырылған. Қалған 5 жойбарды жыл жуўмағына шекем қаржыландырыў нәзерде тутылған. Соның нәтийжесинде  2017-2018-жылларда 68 мың тоннадан аслам мийўе-овощ қайта исленип, 25,7 миллион долларлық өним экспорт етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы Ўшкўприк районындағы ески консерва заводының тийкарында әмелге асырылып атырған жойбар менен де танысты.

Жойбардың дөретиўшиси «Волей Моунтаинс Фреш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети болып, 10,5 миллиард сум, соның ишинде, «Ипотека-банк»тиң 7,4 миллиард сумлық кредити есабынан кәрхананың бар қуўатлықлары модернизацияланады, мийўени сақлайтуғын музлатқыш ҳәм қадақлайтуғын үскенелер орнатылады.

2018-жылдың биринши шерегинде жойбардың биринши басқышы, төртинши шеректе екинши басқышы иске қосылады. Нәтийжеде мың тонна томат пастасы, сол муғдарда пюре ҳәм концентрат, мийўе-овощ консервалары халық тутыныўы ушын жеткерип бериледи. Өним экспортқа да бағдарланады. Жойбар 170 адамды жумыс пенен тәмийинлеў имканиятын береди.

Президентимиз ўәлаятта қайта ислеў санаатын раўажландырыў ушын барлық имканият, шийки зат ҳәм жумысшы күшиниң бар екенин атап өтти. Олардан өнимли пайдаланыў, тармаққа исбилерменлерди кеңнен тартыў бойынша жуўапкер адамларға тапсырмалар берди.

Мәмлекетимиз басшысы Эркин Ваҳидов атындағы Марғилон қалалық мәденият ҳәм дем алыў бағын реконструкциялаў жойбары менен танысты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың 2016-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекистан халық шайыры Эркин Ваҳидовтың 80 жыллығын белгилеў ҳаққында»ғы қарарын орынлаў шеңберинде өзбек әдебиятының ири ўәкилиниң дөретиўшилик мийрасын үйрениў, мазмун-мәнисин жасларға жеткериў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылды. Елимиз бойлап шайырдың 80 жыллық юбилейи кең түрде белгиленди. Марғилон қаласындағы мәденият ҳәм дем алыў бағына Эркин Ваҳидовтың аты берилип, қайта реконструкцияланбақта.

Дем алыў бағының майданы 9 гектардан 16 гектарға кеңейтилди. Бағдың кириў бөлиминде жазыўшы-дөретиўшилердиң қыябанын шөлкемлестириў, Эркин Ваҳидовтың бюстин орнатыў нәзерде тутылған.

Ҳәр қыйлы илажлар өткерилетуғын амфитеатр, палаў писириў орайын ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлерди қурыў белгиленген. Эркин Ваҳидов атындағы жас дөретиўшилер мектеби ашылады. Бағда ҳәр қыйлы аттракционлар орнатылып, бир неше шайхана халыққа хызмет көрсетеди.

Президентимиз қаҳарман шайырымыздың аты менен аталатуғын бул бағ ҳәр тәреплеме жетик болыўы, оны жаслардың руўхый дүньясын арттыратуғын орайға айландырыў, қыябанға Эркин Ваҳидовтың ең сайланды қосықларынан үлгилер, көринислер орнатыў зәрүрлигин атап өтти. Бул жерге келетуғынлар Эркин Ваҳидовтың қосықлары менен таныссын, руўхый дүньясын және де байытсын.

Усы жерде Ферғана ўәлаяты қалаларының ҳәм районларының орайларын қала қурылысы талаплары тийкарында раўажландырыўдың бас режесин, Марғилонда туризмди раўажландырыў бағдарламасын, коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылатуғын жойбарларды таныстырыў да болып өтти. Бағдарлама шеңберинде турақ жай қурыў, санаат, аўыл жожалығы ҳәм хызмет көрсетиў, жол-транспорт, инженерлик-коммуникация тармақларын, социаллық саланың инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў салаларында онлаған жойбарларды әмелге асырыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Марғилон өнерментлер орайын шөлкемлестириў, сала хызметкерлери ушын қолайлы салық жеңилликлери, зәрүр шараятлар жаратыў, басқа да жойбарларды буннан былай да жетилистириў, қурылыс жумысларын өз ўақтында әмелге асырыў бойынша жуўапкер адамларға тийисли көрсетпелер берди.

22-июнь күни Марғилоннан Қоқандқа дәслепки мәрте электропоезд ҳәрекети жолға қойылды. Президентимиз усы поездда Қоқандқа келди. Қоқанд қаласындағы «Шаффоф метан саноат» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде экономикалық жойбарлар менен танысты.

Халқымыздың абаданлығы артқан сайын елимизде транспорт қураллары көбейип бармақта. Олардың жанылғыға болған талабын тәмийинлеў мақсетинде басым менен қысылған ҳәм суйықландырылған газ баллонлар ислеп шығарыў кеңейтилмекте.

«Шаффоф метан саноат» ЖШЖ тәрепинен усы бағдардағы заманагөй кәрхана шөлкемлестириў режелестирилген. Бул ушын ески «Қўқонмаш» заводының бос турған имаратларында заманагөй технология орнатылады. Жылына 100 мың дана газ баллонын ислеп шығарыў ҳәм автотранспорт қуралларына орнатыў жолға қойылады. Кәрханада 30 жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул өнимлерге болған талап пенен қызықсынды. Газ бенен жүретуғын транспорт қураллары көбейсе, бензин ҳәм дизель жанылғысына талап азаяды. Нәтийжеде тараўдағы хызметлер арзанласады, имканиятлар кеңейеди.

Өнимниң өзине түсер баҳасын арзанлатыў, өндиристи еки есеге арттырыў, тараўға қәнигелескен қәнигелер  таярлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Қоқанд қаласында өнерментшиликти ҳәм туризмди раўажландырыў бағдарында да бир қатар жойбарлар белгиленген. Соның ишинде, өнерментшилик ҳәм зергерлик орайларын шөлкемлестириў, заманагөй мийманхана қурыў режелестирилген. Олар бир қатар салық жеңилликлерине ийе болады, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде, абаданлығын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Қалада әмелге асырылыўы режелестирилген және бир жойбар – Wi-Fi тармағын қурыў жойбары халыққа ҳәм туристлерге қосымша қолайлық жаратады.

Жойбарластырылған медициналық хызмет ҳәм стационар емлеў орайы инсанның мәплерин тәмийинлеўге қаратылған. Бул жерде АҚШтың «Женерал электрик» компаниясының заманагөй медициналық үскенелери орнатылады. Орай жылына 25 мың 500 адамды емлеў, 500 операциялық әмелиятты өткериў имканиятына ийе болады.

Президентимиз халықтың саламатлығына байланыслы бул комплекстиң қурысын тезлетиў зәрүрлигин атап өтти.

Шавкат Мирзиёев «Имано групп» кәрханасы тийкарында полиуретан қапламалы таяр тери ислеп шығарыў жойбары менен танысты. Жойбар әмелге асырылғаннан соң 250 жумыс орнын шөлкемлестириў имканияты жаратылады.

Бул саладағы қолда бар имканиятлардан жеткиликли дәрежеде пайдаланбай атырмыз, деди мәмлекетимиз басшысы. Системадағы кәрханаларды турақлы шийки зат пенен тәмийинлеў зәрүр. Шийки терини жыйнаў, сапалы таярлаў ҳәм қайта ислеўшилерге жеткерип бериўге қәнигелескен кәрханалар шөлкемлестириў керек.

Президентимиздиң  2017-жыл 12-январьдағы «Ургут», «Ғиждуван», «Қоқанд» ҳәм «Хазарасп» еркин экономикалық зоналарын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Қоқандта еркин экономикалық зона қурылмақта. Бул аймақта әмелге асырылыўы режелестирилген жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Экономикалық зонаға шет ел технологияларын ҳәм инвестицияларын тартыў, талап жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў бойынша анық илажлар белгилеў бойынша көрсетпелер берилди.

Бул жерде коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылатуғын, шығындыларды комплексли басқарыў кластерин шөлкемлестириўге қаратылған илажлар да көрсетилди.

Мәмлекетимиз басшысы Қоқанд қалалық театрын барып көрди.

Елимизде мәденият ҳәм көркем өнерди буннан былай да раўажландырыў, тараўдың материаллық-техникалық базасын заман талаплары тийкарында беккемлеў арқалы халықтың, әсиресе, жаслардың руўхый дүньясын жетилистириўге үлкен әҳмийет қаратылмақта. Президентимиздиң усы жыл 31-майдағы «Мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыў ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышта даўам еттириўге әҳмийетли бағдарлама болмақта.

Қоқанд қалалық театры 1987-жылы қурылған. Театрдың имараты, соның ишинде, 750 тамашагөйге мөлшерленген зал заманагөй оңланған.

Президентимиз дөретиўшилер менен болған пикирлесиўде театрдың халық арасындағы абыройын буннан былай да арттырыў бойынша пикир-усынысларды билдирди.

Театрды ҳақыйқый руўхыйлық ошағына айландырыў ушын бәринен бурын жақсы дөретпелер керек, деди мәмлекетимиз басшысы. Бул ушын усы жерде белгили көркем өнер ғайраткерлери, драматурглер менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, дөретиўшилик орталық жаратыў зәрүр.

Дөретиўшилерди қоллап-қуўатлаў, олар ушын өз алдына көп қабатлы турақ жай қурыў, театрдың материаллық-техникалық базасын беккемлеў бойынша көрсетпелер берилди. Театр ҳәм режессёрлардың маманлығын арттырыў, жас қәнигелер таярлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Шавкат Мирзиёев Өзбекистан Илимлер академиясының Генетика ҳәм өсимликлер эксперименталь биологиясы институтының Ферғана филиалы тәжирийбе хожалығында болып, ғәлле орымын ҳәм ғаўаша тәрбиясын көзден өткереди.

Ферғаналы дийқанлар әзелден пахта ҳәм ғәлле жетистириў, бағшылық саласында үлкен тәжирийбе топлаған. Ғәлле орымы қызғын даўам етпекте. Ғаўаша тәрбиясы агротехникалық илажлар тийкарында алып барылмақта.

Бул тәжирийбе хожалығында 21,3 гектарға ғаўашаның «ӨзИА-710», 9,2 гектарға ғаўашаның «Яксарт» сорты егилген. Хожалықта жигирмадан аслам адам мийнет етеди. Мәмлекетимиз басшысы ғәлле орым-жйынында қатнасып атырған фермерлер менен пикирлести.

Нан – ең әзиз жемис. Ғәллешиликти раўажландырыў, перспективалы, зүрәәтли сортларды жаратыў, зүрәәтликти арттырыў бойынша барлық илажларды көриў илимпазларымыз бенен дийқанларымыздың алдындағы әҳмийетли ўазыйпалардан болып саналады. Бул ушын илим ҳәм әмелияттың бирге ислесиўин буннан былай да беккемлеў зәрүр, деди Президентимиз.

Ферғана қаласында Президентимиздиң басшылығында жуўапкер басшылар ҳәм ўәлаят белсендилериниң қатнасыўында мәжилис өткерилди. Онда ўәлаяттың экономикасын жаңа басқышқа көтериў, инфраструктураны раўажландырыў инженерлик-коммуникация тармақларын жақсылаў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Усы илажларда 2017-2021-жылларда  Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы ҳәм «Халық пенен пикирлесиў ҳәм инсан мәплери жылы» Мәмлекетлик бағдарламасындағы мақсет-ўазыйпалар өз сәўлелениўин тапты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтың Ферғана ўәлаятына сапар етиўи даўам етпекте.

 

ӨзА