Шымбай районының «Көнши» мәкан пуқаралары жыйыны аймағында 26-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ири реконструкциядан соң пайдаланыўға тапсырылды. Усы ҳәптеден баслап мәкеме 100 тәрбияланыўшыны қабыллап алады.

Ири оңлаўдан алдын бир қабатлы болған  МШБМ ниң айрықша жетискенлиги еки этажлы имаратқа ийе болып, ыссы суў, канализация өткерилди. Мәкемеге жаңа технологиялық үскенелер ҳәм мебеллер орнатылды. Балалардың бул жерде болған ўақтындағы қәўипсизлиги өрттен хабар бериўши  сигнализация ҳәм бақлаў камералары жәрдеминде толық тәмийинленген.

Асхана жаңаланды, заманагөй мебель ҳәм ойыншықлар сатып алынды. МШБМ ниң толық оңлаўдан шығыўы ҳәм материаллық-техникалық базасының беккемлениўи ушын бюджеттен 1 миллиард 598 миллион сум ажыратылды. Мәкемеде дене тәрбиясы ҳәм музыка менен шуғылланыў ушын зал, соңғы  үлгидеги ойын ханалары ҳәм кең дем алыў ханалары, медициналық корпус заман талабына сай оңланды.

Усы жыл май айынан декабрьге шекем алты айдың ишинде мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси танымайтуғындай дәрежедеги көриниске кирди.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.