Нөкисте жаңа жыл аршалары қай жерлерге орнатылады? Байрамда балалар менен қаяққа барған жақсы? Театрларда балаларға арнап қандай тамашалар қойылады?

«Халықлар дослығы» майданы

Жаңа жыл қарсаңындағы ҳәптеде ҳәм жаңа жыл дем алысы даўамында пайтахтымызда көплеген байрам илажларының қатнасыўшысына айланыўыңыз мүмкин. Жаңа – 2018-жылды байрамлаўда быйыл айрықша кейпият, өзгешелик жолдасыңыз болады. Жаңа жылды үйде салат жеў ҳәм фильмлер тамашалаў менен күтип алыўды қәлемесеңиз, пайтахтымыздағы «Халықлар дослығы» майданына барыўыңыз мүмкин. Себеби, саатлар жаңа жыл басланғанын билдирип, дабыл қаққаннан соң бул жерде дәстүрий түрде массалық фейерверк тамашалары болып өтеди.

Ҳәзирги ўақытта майданда байрамға таярлық ҳәм шөлкемлестириў жумыслары жуўмақланды. Халық сейиллери 29-декабрьден басланыўы режелестирилген.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сазлы театры

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик сазлы театрында 27-декабрьден «Жаңа жыл саўғасы» тамашаларының қойылыўы менен байрам илажлары баслап жибериледи.

Театрда 29-декабрьде «Президент аршасы» илажы өткерилип, «Меҳрибанлық үйи» тәрбияланыўшыларына, елимиздиң тынышлығы жолында қурбан болған Ишки ислер бөлими, Қорғаныў, Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм Миллий қәўипсизлик хызмети хызметкерлериниң перзентлерине байрам саўғалары тапсырылады. Усы күннен халық сейиллери басланады.

Бул жерде арзанластырылған баҳадағы байрам ярмаркалары, кеўилашар бағдарламалар өткерилип, жергиликли эстрада жулдызлары, Аяз баба ҳәм басқа да ертек қаҳарманлары кейпиятыңызды көтериўге таяр турады. Бул жаңа жыл илажлары миллий халық дәстүрлери, қосықлары, аяқ ойынлары менен байытылады. Жаңа жылды байрамлаў театр алдында ҳәм «Халықлар дослығы» майданында салтанатлы безелген аршаларсыз өтпейди. Шоқ қосықлар жаңлайды, шаңарақлар сейил етеди, жасыл аршалар безеледи. Пайтахтымыздағы бундай сейиллер көбирек шаңарақлар ушын сай келеди. Себеби, оларда ярмаркаларға, балалар ҳәм ересек адамлар ушын кеўилашар илажларда қатнасыў имканияты болады.

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры

Театрда дәстүрий жаңа жыл тамашалары мәўсими 20–декабрьден-ақ басланып кетти. Оқыўшылардың дем алысы жуўмақланғанша (2018-жыл 20-январьға шекем) даўам ететуғын «Жаңа жыл ертеги» атамасындағы байрам спектакли үш жастан он еки жасқа шекемги балаларды ертеклер әлемине жетеклейди. Спектакльден соң жас тамашагөйлер театр фойесиндеги ҳақыйқый балға қатнасып, тақмақлар айтады ҳәм Аяз бабадан саўғалар алады. Фойеде ертек қаҳарманлары менен олар кеўилашар ойынларды ойнаўы мүмкин.

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрында байрам күнлери жас тамашагөйлер жаңа жыл әжайыбатлары ҳәм ертеклери әлемине кирип барыў имканиятына ийе болады. Спектакль ҳәм тамашалар ҳәр күни саат 11.00 де және 15 00 де басланады.

Пайтахтымыздағы И.Кәримов ҳәм Төрткүл гүзарлары, А.Досназаров көшесиндеги реңли светлер менен безелген тереклер, кеште жанатуғын рәңбәрең фонарлар Нөкиске өзгеше көринис бермекте. Барлық жоқары оқыў ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларында, мектеп және мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде, спорт, сондай-ақ, музыка мектеплеринде жәми 130 ға шамалас жерде көлемли етип 2018 санлары қыстырылған.

Булар пайтахтымызда Жаңа жылға байланыслы өткерилетуғын илажлардың барлығы емес, толық мағлыўматлар менен байрам жақынласқаннан кейин танысыўыңызға болады. Қәйткенде де, байрам илажлары ҳәр жылғыдан өзгеше болыўы күтилмекте.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.