Өзбекистан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрьдеги «Суд-ҳуқық системасын және де реформалаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм усы жыл 21-февральдағы «Өзбекистан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумыс нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде  суд-ҳуқық системасын буннан былай да демократияластырыў ҳәм еркинлестириў, жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм нызамшылықты беккемлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы Экономикалық суды тәрепинен де кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

Хожелиде Нөкис районлараралық экономикалық судының гезектеги көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Онда даўагер «Тақыятас нефьт база» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң 10  даўа арзасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң акционерлик-коммерциялық «Агробанк»тиң Хожели филиалы мәпине берилген 9 даўа арзасы көрип шығылды.

Бул даўа арзаларда райондағы 10  фермер хожалығының 2017–жылдың пахта зүрәәтин жетистириў ушын дүзилген банк кредити ҳәм жанылғы-майлаў материалы бойынша қарыздарлықты өндириў бойынша даўа талаплары қойылды. Бул тийисли тәртипте көрип шығылып, шешиўши қарар қабыл етилди.

– Хожалық жүргизиўши субъектлердиң даўа арзалары менен мүрәжатларын нызамда белгиленген ең қысқа мүддетте әдалатлы көрип шығыў, исбилерменлерге қолайлық жаратыў, суд мәжилислериниң тәрбиялық ролин ҳәм әҳмийетин арттырыў мақсетинде имканияты болғанынша көшпели суд мәжилислеринде, кең жәмийетшиликтиң қатнасында өткерилиўине айрықша итибар қаратылмақта, – дейди Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы Бибиназ Кеўлимжаева. – Быйылғы жылдың  июнь-ноябрь айлары аралығында жәми 3732 суд мәжилиси өткерилип, соннан 2428 ис ашық көшпели суд мәжилисинде көрип шығылды.

Бундай көшпели суд мәжилислериниң өткерилиўи суд уйымлары системасында әдил судқа болған күшейтиўге, пуқаралардың суд уйымларына сергиздан болыўының алдын алыўға хызмет етеди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.