Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминде Бердақ шайырдың 190 жыллық юбилейине бағышланып өткерилген «Классикалық әдебият ҳәм жәмийетти мәнаўий жаңалаў мәселелери» атамасындағы халықаралық конференцияда әне усы мәселе көтерилди.

Конференцияда баянат жасаған ҳәм сөзге шыққан илимпазлардың пикиринше, Бердақ баба туўралы еле оның әкесиниң аты ким екенлигин билмеў яки анықлық киргизе алмаў – жүдә ашынарлы жағдай.

Конференцияда Бердақтың әкеси Қарғабай ма яки Ғарғабай ма деген даўлы мәселеге енди ол бәлким Қалманбет улы болыўы да мүмкин деген илимий болжаўлар бой көтерилип атырғанлығы сөз етилди. Себеби, шайырдың «Хорезм» шығармасында усы мәселени келтирип шығарыўшы айырым қосық қатарлары бар болып, бул бойынша ҳәр қыйлы пикирлердиң қәлиплесиўине себеп болмақта.

Илажда Бердақ шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы алдыңғы дәўирлердеги изертлеўлерде жиберилген қәте-кемшиликлер туўралы да мағлыўматлар берилди. Атап айтқанда, Бердақ шығармаларының топламлары жәмленген бурынғы дәўирлердеги китапларда оның шығармаларындағы қосық қатарларының айырым сөзлериниң өзгертилип жиберилгенлиги, биразларының алып тасланғанлығы яки қосықларында жоқ айырым жаңа қосық қатарларының қосылғанлығы, ол ортадәрмиян шаңарақтан шыққан болса да, оның оғада жарлы шаңарақтан шыққанлығы сыяқлы мағлыўматлар.

Конференцияда философия илимлериниң докторы, академик Ж.Базарбаев, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, филология илимлериниң кандидаты А.Альниязовлар Бердақ шығармаларының миллий мәдениятымыздағы орны, оның қалдырған бай мийрасы және оның шығармаларының текстологиялық таллаў мәселелерине байланыслы кең түрде баянат жасады.

Илажға республикамыздың Бердақтаныў бойынша илимпаз қәнигелери, жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, илимпазлар, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарындағы студент-жаслар, сондай-ақ, Түркменистан, Әзербайжан Республикаларының илимпазлары да өз мийнетлери менен қатнасты.

Шынында да, Бердақ миллий мәдениятымыздың гүлтажы, халқымыздың мақтанышы, Әлийшер Наўайыдан кейинги дәўирлердеги көлемли ҳәм қунлы шығармалары менен Орайлық Азия халықлары арасында көзге түскен бирден-бир классик шайыр.

Конференцияның екинши ярымында қатнасыўшылар секцияларға бөлинип өз жумысларын даўам етти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги