Қырғызстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң баслығы Д.Жумабековтиң басшылығындағы делегация 20-декабрь күни Самарқанд қаласында болды.

Мийманлар дәслеп Ҳәзирети Қызыр комплексинде болып, Өзбекистан Республикасының Биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти. Уллы Журтбасшымыздың естелигине ҳүрмет көрсетти. Комплексте әмелге асырылған үлкен дөретиўшилик, абаданластырыў жумыслары, саўлатлы мавзолей, миллий усылдағы әйўан ҳәм басқа да имаратлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Қырғызстан делегациясы ўәкиллери уллы муҳаддис Имам Бухарий комплексин зыярат етти. Регистан комплекси, Әмир Темур мавзолейи, Улығбек овсерваториясы ҳәм басқа да тарийхый естеликлер орнында болды. Мийманларға әййемги естеликлер тарийхы ҳәм ўәлаятта сонғы жыллары алып барылған дөретиўшилик-абаданластырыў жумыслары туўралы мағлыўматлар берилди.

Ғ.ХАСАНОВ,

ӨзА ның хабаршысы