Ташкент қаласында 20-декабрь күни Өзбекистан Республикасы қорғаныў министри Абдусалом Азизовтың Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң ағзасы, қорғаныў министри Чан Ваньцюан менен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыўда әскерий, әскерий-техникалық ҳәм әскерий билимлендириў тараўларындағы еки тәреплеме қатнасықлардың бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары, Орайлық Азия регионында қәўипсизликти беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери додаланды.

Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери академиясы ҳәм Қытай Халық азатлық армиясы Миллий қорғаныў университети арасында әскерий билимлендириў тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

ҚХР қорғаныў министри пайтахтымыздағы Мустақиллик майданында болып, Ҳәсиретли ана естелигине гүл қойды.

Сапар етиў бағдарламасы шеңберинде Қытай делегациясы ағзаларының елимиздиң әскерий бөлимлеринде ҳәм мәкемелеринде ушырасыўлар өткериўи ҳәм Самарқанд қаласының әййемги тарийхый естеликлери менен танысыўы нәзерде тутылған.

А.КАМОЛОВ

ӨзА ның хабаршысы