20-декабрь күни Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Қутлы болсын жаңа жылыңыз!» атамасында Айтыс кешеси болып өтти.

Бул кеше Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң қоллап-қуўатлаўы менен арнаўлы баянлама тийкарында, Қарақалпақстан Республикасы Мәденият Министрлиги тәрепинен ҳәўескер Байжан Узақовтың жойбары тийкарында шөлкемлестирилди.

Айтыста Тахтакөпир, Қоңырат, Шымбай районларынан көзге көринген көркем өнер шеберлери, сөз усталары қатнасып, жыйналғанларға байрам кейпиятын бағышлады. Неше әсирлер даўамында халқымыздың миллий өнерлериниң бири болған, кейинги ўақытларда умыт бола жазлаған бул өнер қайта жанланды. Усы жанрдың қайта раўажланыўына дәслепки қәдем тасланды.

Илажда шығып сөйлеген қәнигелердиң айтыўына қарағанда, бул жанр  19 әсирдиң орталарына шекем қарақалпақ, қазақ халықларының арасында кеңнен раўажланған. 1970-жылларда Қарақалпақстанда айтыс өнерин қайта тиклеў бойынша ҳәрекетлер болған. Ол ўақытлары республикамыздағы арқа, батыс, қубла районлардың сөз шеберлери аймақлар бойынша бөлинип өз-ара беллесип жеңимпазлары анықланғаннан кейин республикалық басқышта күш сынасқан. Ол ўақытлары арнаўлы бақсылар мектеби болып, устаз бақсылар шәкиртлерине бақсышылық өнерин терең үйретиўге ҳәрекет еткен, әсиресе, айтыс жанрын өзлестириў шенде-шен шәкиртлерге несип еткен. Себеби, бул ушын бақсыда төкпе шайырлық, шешенлик, терең билим зәрүр болған.

Өткерилген айтыс кешесинде қатнасыўшылар ҳәр тәреплеме өзиниң шешенлигин, дилўарлығын көрсетиўге ҳәрекет етти. Қатнасыўшылардың азлығы, таярлығы да сынға алынды.

Бирақ бул басламаны халқымыздың әййем заманлардан киятырған айтыс өнериниң қайта тиклениўине қойылған дәслепки қәдем, деп түсиниўимиз керек.

Илаж жаңа жыл байрамы қарсаңында миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди, соның ишинде, шайыр ҳәм бақсыларымыздың, әсиресе, төкпе шайырлардың айтыс өнерин және бир мәрте жаңаша руўхта сәўлелендирди, деп ойлаймыз.

Жарыс жуўмағында Тахтакөпир районынан Еркебулан Қолқанатов биринши, Қоңырат районынан Айбек Жамалов екинши, Шымбай районынан Батыр Айтмуратов пенен Алым Мырзамбетовлар үшинши орынды ийеледи ҳәм шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Еслетип өтемиз, жаңа 2018-жылдан баслап бул бағдардағы илажларды турақлы түрде өткериў, солай етип айтыс өнерин еле де раўажландырыў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылады.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.