Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 7-июнь күнги «Ҳаж» ҳәм «Умра» илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериўди және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында быйыл ҳаж сапарына баратуғынлардың саны артатуғын болды.

Динимиздиң әҳмийетли шәртлеринен бири – мүбәрек Ҳаж сапарын әмелге асырыў ушын баратуғынлардың дизими өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен усынылып, олар руўхый, наркологиялық, тери-венерикалық, туберкулёз кеселликлери бойынша тексериўден өтеди.

Усы қарарға байланыслы Өзбекистан көлеминде быйылғы жылы Ҳаж сапарының квотасы 7 мың 200 ге, 2018-жылдан баслап ҳәр жылғы  «Умра» сапарының квотасы 6 мыңнан 10 мыңға арттырылады.

Сентябрь айының басларында республикамыздан 150 ден аслам жерлесимиз мүбәрек ҳаж зыяратын әмелге асырыў ушын Сауд Арабстанына кетеди. Ал, Умра зыяраты бәҳәр мәўсиминде әмелге асырылады. Еслетип өтемиз, алдыңғы жыллары Ҳаж зыяратын әмелге асырыўшы жерлеслеримиздиң саны 100 пуқарадан аспайтуғын еди.

Бүгинги күнде олардың зыяратты толық әмелге асырыўы ушын барлық шараятлар жаратылмақта. Ҳажыларға турақ жай, медициналық хызмет көрсетиў бойынша зәрүрли илажлар әмелге асырылмақта.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

 

Телеграмдағы каналда бизге қосылың