Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 19-декабрь күни елимизге келген Түркия бирге ислесиў ҳәм муўапықластырыў агентлиги (ТИКА) президенти Сердар Чамды қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы мийманды шын жүректен қутлықлап, усы жылдың 25-26-октябрь күнлери Түркияға әмелге асырған мәмлекетлик сапары еллеримиз арасындағы қатнасықларды стратегиялық бирге ислесиў дәрежесине алып шыққанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Түркиялы шериклер менен биргеликте саўда, санаат, инвестиция, транспорт, туризм, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў ҳәм басқа да тараўларда перспективалы бағдарламалар ҳәм жойбарлар әмелге асырылып атырғаны унамлы баҳаланды.

Ушырасыўда ТИКАның елимиздеги жумысын және де кеңейтиў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлилиги атап өтилди.

Өзбекистанда Агентлик тәрепинен усы күнге шекем 23,6 миллион доллар муғдарында 700 ге жақын грант жойбарлары әмелге асырылған.

Сөйлесиўде еки тәреплеме бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын белгилеп алыў, бул бойынша ТИКАның Өзбекистандағы жумысын анық жойбарлар тийкарында ҳәм системалы түрде раўажландырыў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.

Бул бағдарда «Жол картасы»н қысқа мүддетте ислеп шығып, оны әмелге асырыўға кирисиў зәрүрлиги, усы мүнәсибет пенен, экономикалық, мәдений, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, қоршаған орталықты қорғаў. туризм ҳәм жәмийетлик әҳмийетке ийе басқа да бир қатар тараўларда әмелге асырылып атырған жойбарлар менен бағдарламалардың көлемин бир неше есеге көбейтиў бойынша келисип алынды.

ТИКА басшысы Өзбекистан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа рәсмий қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдўғон және усы елдиң Бас министри Бинали Йилдиримның жақсы тилеклерин жеткерди.

Сердам Чам мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алға қойылған усыныслар менен басламаларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын, бул бағдарда бар күш-жигерин жумсай отырып, оларды турмысқа өз ўақтында ҳәм нәтийжели енгизиўге  Түркия тәрепи таяр екенлигин билдирди.

ӨзА