Өзбекистан Республикасында ҳәр жылы 1,5 миллиард доллар, ал Қарақалпақстанда 1,5 миллион доллар қаржы қутырыў кеселлигине қарсы вакцина ушын сарыпланады. Өзбекистан бойынша 50-55 мың пуқара ҳәр жылы қутырған ийтлердиң жәбиркешине айланады, Қарақалпақстан Республикасында болса, 2017-жылы бул көрсеткиш 3 мың адамға жеткен. Быйылғы жылдың өзинде республикамыз пуқаралары бақлаўсыз қалдырылған ямаса басқаларға зыян жеткизген ийти себепли 103 миллион сум жәрийма төлеген.  

Әне усындай мағлыўматларды Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Медициналық-биологиялық қорғаў бөлимшеси баслығы Бахытбай Әбдиғәниев «Айрықша жағдайлардың алдын алыў айлығы» шеңберинде өткерилген илажда мәлим етти.

Илажда атап өтилиўинше, айлық шеңберинде газ ийисинен ҳәм үйде таярланған консерва өнимлеринен зәҳәрлениўдиң, қутырыў кеселлигинен жәбирлениўдиң алдын алыў бойынша профилактика жумыслары күшейтилген. Соңғы ўақытлары ата-аналардың перзентлерин үйинде жалғыз қалдырып, жумысқа кетиў жағдайы көплеп ушыраспақта. Усындай итибарсызлық себепли жақында Хожели районында еки нәресте өмирден көз жумған.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы