Тахтакөпир районының 1-санлы мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ири оңлаўдан шықты ҳәм заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленди.

Усы мүнәсибет пенен район орайында жайласқан мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң жаңа көринистеги имаратын пайдаланыўға тапсырыў мәресими болып өтти. Илажға район ҳәкими Жамбыл Әдилов ҳәм прокуроры Қәдирбай Бекмуратов қатнасты.

1 миллиард 63 миллион сумлық ири реконструкция жумыслары нәтийжесинде жаңаланған МШБМ нде алдын 120 бала тәрбияланған болса, буннан былай 140 бала заманагөй шараятларда тәлим алады. Еки мезгилли қысқа топарларға 50 бала қамтып алынады.

–  Мәкемениң ҳәр бир квадрат метри қәнигелер менен ойласылған ҳалда  айрықша усылда ислеп шығылды, – дейди Тахтакөпир районлық мектепке шекемги билимлендириў бөлиминиң мониторинг бойынша методисти Наргиза Атажанова. – Имарат индивидуал жойбар тийкарында әмелге асырылды: дене тәрбиясы ҳәм музыка менен шуғылланыў ушын зал, раўажландырыўшы шынығыўлар ушын дөгерек ханалары, медициналық блок ҳәм процедуралық бөлмелер, логопед ҳәм психологтың ханалары, асхана, китапхана толық түрде жаңа әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Сондай-ақ, МШБМ ниң әтирапына ойнаў комплекслери, рәңбәрең сүўретли верандалар қурылған. Асханадағы жаңа үскенелер аўқатты пуўға писириўге, қамыр ийелеўге, бир ўақыттың өзинде 100 самсаға дейин таярлаўға имкан жаратады.

Келешекте ҳәр бир топарға камералар орнатыў режелестирилген, нәтийжеде қәлеўши ата-аналар күн даўамында арнаўлы орында балаларын бақлап барыў имканиятына ийе болады.

1968-жылы ашылған Тахтакөпир районындағы бул туңғыш мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси ири оңлаўдан соң жаңа көринисте 50 жыллық юбилей байрамын белгилеў алдында.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.