Пайтахтымыздағы И.Юсупов атындағы талантлы балалар мектеп-интернатына Президентимиздиң саўғасы – «ISUZI» автобусын тапсырыў салтанаты болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мектеп-интернатын жәмәәтине автобустың гилтин салтанатлы жағдайда тапсырды. Өз гезегинде мектеп оқыўшылары менен муғаллимлери бундай ғамхорлығы ушын Презиндентимизге шексиз миннетдаршылығын билдирди.

– Президентимиз бенен ушырасыў бизде айрықша тәсир қалдырды,-дейди мектеп-интернат оқыўшысы Бердибек Айтмуратов.-Мен өзиминиң жазған «Ибрайым Юсуповтың естелигине» атлы қосығымды оқып бердим. Бул қосығым жоқары баҳаланды. Бизге көрсетилип атырған ғамхорлықтан пайдаланған ҳалда, келешекте елимизге белгили дөретиўши инсан болып жетисиўге ҳәрекет етемен.

Мектеп оқыўшылары жаңа автобуста қаламыз бойлап саяхат етти.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.