Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, драматург К.Рахмановтың талантлы актёр М.Үсенов тәрепинен сахналастырылған «Муҳаббат самалы» музыкалы драмасының премьерасы болып өтти.

Премьераны усы театрдың директоры Қ.Турдиев ашты.

Музыкалы шақырық пенен ашылған перде тамашагөйлерди алыс Мойнақ районындағы жеке бизнеси жүриспей қалған жас исбилермен Кийикбайдың кеңсесине баслады. Жас, зийрек исбилермен қыз Мақпал оған шериклик қолын созып, нәтийжеде еки жастың арасында муҳаббат самалы еседи ҳәм оларды үлкен дөретиўшилик жумысларға баслайды. Қос арыс биргеликте өз районында ҳәм республикамыз көлеминде жеке бизнесин раўажландырады. Әҳмийетлиси,  өзи қатарлы жаслардың бәнтлигин тәмийинлейди. Өз өнимлери менен базарларымызды толтырып, ҳәттеки, шет еллерге экспорт етиў бахтына миясар болады.

Тийкарынан дәўиримиздиң исбилермен жасларының турмысынан алынған музыкалы драманың сәтли шығыўында ҳәм автордың идеясын ашып бериўде М.Үсеновтың исбилермен жаслардың психологиясын ҳәр тәреплеме терең үйренгенин көриўимизге болады.

Образлардың гә дәртке, гә қуўанышқа толы ишки сезимлерин миллий колоритимизге бай нама қосықлар арқалы жеткериўде Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, композитор Қ.Зәретдиновтың дөретиўшилик мийнети шығарманың көркемлигин және де байытқан.

Сахналық шығармада ең әҳмийетли элементлердиң бири – декорация болып табылады. Усы жерде жас художник Т.Шардеметовтың қәлеми айрықша көзге тасланды. Кийикбайдың аянышлы жағдайда қалған кәрханасы, әсиресе, шығарма жуўмағындағы жас жубай бинят еткен, жумыс қызғын түс алған саўлатлы имаратлардың көриниси тамашагөйлерди өзине тарта алды.

Музыкалы драмада актёрлық таланты ҳәм ширели ҳаўазы менен өзлерине берилген рольлерди кәмине келтирип атқарған жас актёр-актрисалардан бас рольдеги И.Көмекбаева (Мақпал), С.Оразымбетов (Кийикбай), М.Мәмбетмуратова (Жипек), Б.Мақсетбаев (Арыслан) ларды ҳәм өзиниң комик роли менен тамашагөйлерде күлки оятқан С.Айымбетов (Шайыр)ты айрықша атап өтиўимизге болады.

– Музыкалы драма тийкарынан ҳәзирги заман талабындағы, исбилермен жаслар ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе болып табылады. Сондай-ақ, оның режиссёры менен художнигиниң және тийкарғы рольлерди атқарған актёр-актрисалардың да жас дөретиўшилер екени де дыққатқа ылайық, деп ойлайман. Ҳүрметли Президентимиздиң жақында ғана қабыл етилген «Мәденият ҳәм көркем өнер саласын буннан былай да раўажландырыўға ҳәм жетилистириўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы қарары биз, усы сала хызметкерлери ушын оғада қуўанышлы ўақыя болды. Усы шығарма менен әне, усы қарарда белгилеп берилген 26-30-июнь күнлери Ташкент қаласында болып өтетуғын «Сени жырлаймыз заманлас!» ҳәм «Дебют» көркем өнер фестивальларына қатнасыўды нийет етип отырмыз, – дейди театрдың директоры Қ.Турдиев.

Шығарма, шынында да,  ғәрезсиз елимиздиң талантлы, исбилерменликти баслаў нийетинде жүрген жаслары ушын оғада әҳмийетли болып  табылады. Өйткени, «Талаплыға нур жаўар» ямаса «Талпынған жетер муратқа» дегениндей, елимизде бундай инталы жасларға көплеген имканиятлар есиги ашылған.

Ч.ЕЛМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы